Өзбекстан Президенти Беларусь Бас министрин қабыллады

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев елимизде рәсмий сапар менен болып турған Беларусь Республикасы Бас министри Александр Турчинди қабыл етти.
Ушырасыў алдынан жоқары мәртебели мийман мәмлекетимиз басшысына Беларусь Президенти Александр Лукашенконың жалынлы сәлемин ҳәм ең жақсы тилеклерин жеткерди.

Жоқары дәрежедеги келисимлерди әмелге асырыў шеңберинде Өзбекстан – Беларусь көп тәреплеме шериклик қатнасықларын және де кеңейтиўдиң әҳмийетли мәселелери додаланды.
Бирге ислесиў, әсиресе, саўда-экономикалық тараўда жоқары дәрежеге көтерилгени қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Өткен жылы товар алмасыў 25 процентке өсип, дерлик 1 миллиард долларға жетти. Жетекши компаниялардың тийкарғы тармақлардағы кооперациясы кеңейип бармақта.

Машина қурылысы, электротехника, фармацевтика, тоқымашылық ҳәм азық-аўқат санааты, аўыл хожалығы ҳәм басқа да тараўларда қоспа жойбарларды алға қойыў арқалы экономикалық бирге ислесиўдиң жаңа күн тәртибин қәлиплестириў әҳмийетли екени атап өтилди.
Сондай-ақ, аймақлараралық байланыслар ҳәм мәдений-гуманитарлық алмасыўларды жеделлестириў зәрүр екени көрсетип өтилди.

ӨзА