Өзбекстан өнимлери ушын Батыс Африка базары ашылмақта

15

Өзбекстан көплеген мәмлекетлер менен саўда-экономикалық бирге ислесиўди кеңейтип, ири инвестициялық жойбарлар бойынша әҳмийетли келисимлерге ериспекте.

Мекке қаласында өткерилген “Makkah Halal Forum” шеңберинде Өзбекстан Саўда-санаат палатасы баслығының биринши орынбасары Давронбек Қурбонов Кот-д‘Ивуар Республикасы исбилермен топарлары менен сөйлесиўлер өткерди.

Кот-д‘Ивуар тәрепи инвесторлар ушын 300 мың гектар жер ажыратылғанын мәлим етти. Жерлер 40 жыл мүддетке мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында ижараға бериледи. Тийкарғы бағдарлар: шарўашылық, балықшылық ҳәм гүриш жетистириў, делинеди Өзбекстан Саўда-санаат палатасының мағлыўматында.

Сондай-ақ, мәмлекетте азық-аўқат санаатын ҳадал стандартларына өткериў процеси жеделлик пенен даўам етпекте. Бул болса “ҳадал” минерал төгинлер ҳәм агротехника импортына жоқары талап бар екенлигин аңлатады ҳәм Өзбекстан өнимлери ушын жаңа экспорт имканиятларын ашады.

Сөйлесиўлерде зергерлик буйымларын биргеликте ислеп шығарыў, сондай-ақ, какао ҳәм кешюди қайта ислеў ҳәм транзит саўдасын жолға қойыў перспективалары да көрип шығылды.

Ушырасыў жуўмақларына бола, бул бағдарларда әмелий бирге ислесиўди баслаў бойынша келисимге ерисилди.

А.РУСТАМОВ, ӨзА