Мәдений бирге ислесиў бойынша келисимге қол қойылды

Өзбекстан Республикасы Миллетлераралық қатнасықлар ҳәм сырт елдеги ўатанласлар мәселелери бойынша комитети баслығының орынбасары О.Нарзуллаев ҳәм Қырғызстандағы Өзбек миллий мәдений орайы баслығының орынбасары А.Атажанов арасында ушырасыў болып өтти.
Сөйлесиў ўақтында еки тәреплеме бирге ислесиўдиң бүгинги жағдайы, усы күнге шекем ерисилген нәтийжелер ҳәм келешекте әмелге асырылыўы керек болған тийкарғы ўазыйпалар ҳәр тәреплеме додаланды.
Атап айтқанда, тәреплер мәденият, көркем өнер ҳәм илим тараўларында өз-ара тәжирийбе алмасыўды және де күшейтиў, биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыў, дөретиўшилик ушырасыўлар ҳәм илимий-әмелий конференцияларды турақлы шөлкемлестириў мәселелери бойынша пикир алысты. Сондай-ақ, қырғызстанлы өзбек жаслары арасында өзбек тилин үйретиў көлемин кеңейтиў, миллий дәстүр ҳәм қәдириятларды үгит-нәсиятлаў бойынша да анық келисимлерге ерисилди.
Ушырасыў жуўмағында бирге ислесиўди системалы ҳәм нәтийжели жолға қойыў мақсетинде анық реже ҳәм механизмлер тийкарында жумыс алып барыў, бирге ислесиў илажлары календарын қәлиплестириў ҳәм турақлы байланыс орнатыў бойынша тийкарғы ўазыйпалар белгилеп алынды.
Атап өтилиўинше, бул бирге ислесиў Қырғызстанда жасап атырған өзбеклердиң миллий өзлигин сақлаў, олардың мәдений-ағартыўшылық турмысын қоллап-қуўатлаў ҳәм еки мәмлекет арасындағы дослық қатнасықларын және де беккемлеўге хызмет етеди.
Нигора Раҳмонова, ӨзА