Санлы дүньяда жаңа дәўир басланбақта: система емес, биз өзгердик!

Бүгинги күнде социаллық тармақлар тек ғана байланыс қуралы емес, ал инсан ой-пикириниң ҳәм талғамының көринисине айланған. Бир неше жыл алдын бул платформаларда көбирек жеңил-желпи, ал гейде логикасыз контент тез тарқалатуғын еди. Ҳәр қыйлы челленжлер, әжайып трендлер қысқа ўақыт ишинде миллионлап көриўлерди жыйнайды. Бул болса көпшиликте алгоритмлер усындай контентти “көтереди” деген надурыс пикирди қәлиплестирген.
Бирақ бүгин жағдай сезилерли дәрежеде өзгергендей. Енди инсанды ойлаўға мәжбүр ететуғын, эмоционаллық ҳәм философиялық мазмунға ийе видеолар барған сайын көбирек ғалаба ен жаймақта.
Тийкарында, социаллық тармақ алгоритмлери ғәрезсиз “санасына” ийе емес. Олар тек жаңғырық беретуғын қурамалы математикалық формулалар ғана. Алгоритм бизге бир нәрсени мәжбүрлеп көрсетпейди. Бизиң қызығыўшылықларымызды үйренеди. Мысалы, видеоны неше секунд тамаша еткенимиз, түсиник жазғанымыз ямаса жақынларымызға тарқатқанымыз, ҳәммеси есапқа алынып, видеолар избе-излиги жаратылады.
Егер алдын алгоритм “саламат емес” контентти көтерген болса, демек, сонда аудиторияның талабы сондай еди. Бүгинги күнде философиялық видеолар трендке шығып атырғаны алгоритмлердиң “ақыллы” болып қалғаны емес, ал инсанияттың санлы тутыныў мәденияты жетисип атырғанынан дерек береди.
Буған мысал ретинде “жалғыз пингвин” аты менен белгили болған “But why” ҳүжжетли фильм қаҳарманын келтириў мүмкин. Әпиўайы ғана бул гүрриң инсан жүрегине терең тәсир етеди. Пингвин образы арқалы жалғызлық, түсиниксизлик ҳәм ишки кеширмелер көрсетиледи. Тамашагөй бул гүрриңди көрип, онда өз өмирине байланыслы сораўлар пайда болады.

Сондай-ақ, Японияда анасыз қалған Панч атлы маймыл ҳаққындағы видео да пүткил дүньяда үлкен мүнәсибетке себеп болды. Бул әпиўайы ўақыя емес, ал адамгершилик сезимлерди оятыўшы күшли гүрриң сыпатында қабыл етилди. Мийрим, жоғалтыў ҳәм қорғаўға болған мүтәжлик сыяқлы түсиниклер тамашагөй санасында қайта жанланды.
Бундай контентлердиң ғалабаласыўы тосыннан емес. Бириншиден, адамлар информация көплигинен шаршаған ҳәм енди сапалы, мазмунлы контентке мүтәжлик сезбекте. Оған соңғы жыллардағы глобаллық ўақыялар да адамларды өмир ҳаққында тереңирек ойлаўға шақырды.
Социаллық тармақлардағы бул ўақыялар инсанияттың руўхый ояныўының санлы көриниси болып есапланады. Адамлар тек ғана көриўден сезиўге өтти. Тармақлар енди тек ғана сулыў сүўретлер альбоми емес, ал инсан қәлби ҳаққындағы гүрриңлер топламы.
Алгоритмлер бизди басқармайды, олар бизге өзимизди көрсетеди. Егер бүгин социаллық тармақлар философиялық ҳәм эмоционаллық мазмунға толып атырған болса, демек, шаўқымлар дәўири жуўмақланып, мазмун дәўири басланбақта.
Дилдора ДЎСМАТОВА,
ӨзАның хабаршысы