Жаслардың басламаларын қоллап-қуўатлаўға байланыслы қосымша имканиятлар белгиленди

58

Көксарай резиденциясында Президент Шавкат Мирзиёевтиң жаслар менен сөйлесиўи болып өтти.

Ушырасыўда Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласындағы студиялар арқалы 60 мыңнан аслам жаслардың ўәкиллери қатнасты.

Мәмлекетимиз басшысы жыйналғанларды қызғын қутлықлап, елимиздеги 22 миллионнан аслам жасларымыз оғада үлкен экономикалық, социаллық ҳәм сиясий күш екенин атап өтти. Барлық дәрежедеги басшылар жасларды тил ҳәм кәсип-өнерге үйретиў, спортқа тартыў, идея, жойбар ҳәм стартапларына жәрдем бериў, оларды жумыслы ҳәм дәраматлы етиў бойынша және де жедел ислеўи, бирде-бир жигит-қызды итибардан шетте қалдырмаўы зәрүр екенлиги атап өтилди.

Жыллар даўамында жаратылған имканиятлар нәтийжесинде жасларымыз жәҳән пән олимпиадаларында 66 алтын, 147 гүмис, 221 қола медалын қолға киргизди. Гарвард, Йел, Принстон, Колумбия, Корнелл сыяқлы абырайлы жоқары оқыў орынларында билим алып атырған студент жасларымыз 500 ден, ТОП-100 деги жоқары оқыў орынларында оқып атырған жигит-қызларымыз 3,5 мыңнан артты. Жасларымыз жаратқан 63 стартап жойбары АҚШ, Қубла Корея, Уллы Британия ҳәм Бирлескен Араб Әмирликлери базарларына кирип барған. Жас спортшыларымыз халықаралық ареналарда 720 алтын, 671 гүмис, 854 қола медалының ийеси болды. Бүгин жас исбилерменлер елимиздеги бизнес ўәкиллериниң 35 процентин қурамақта.

Усы мәниде, Өзбекстан Жаслар раўажланыўы глобаллық индексинде ең тез пәтлерде раўажланып атырған мәмлекет деп тән алынғаны бийкарға емес. Усы жылы Ташкент қаласында Жәҳән жасларының тынышлық жолындағы ҳәрекети бас резиденциясының шөлкемлестирилиўи, Самарқанд қаласында Жаслар парламенти ағзаларының 12-глобаллық конференциясы, “Take Off” халықаралық стартап саммити ҳәм 46-Пүткилжәҳән шахмат олимпиадасының өткерилиўи бул статусты және де беккемлейди.

Мәмлекетимиз басшысы ҳәр жылы 600 мың жас мийнет базарына кирип киятырғаны, 2030-жылға барып, бул көрсеткиш 1 миллионға жетиўин атап өтип, жасларға өз имканияты ҳәм қызығыўшылығына сәйкес жумыс табыўы ушын шараят жаратыў ең әҳмийетли мәселе екенин көрсетип өтти.

Жаслар арасындағы сораўнама нәтийжесине бола, олардың үштен бири исбилермен болыў тилегин билдирген.

Өткен жылы жаслардың бәнтлигин тәмийинлеў ушын банклер ҳәм Жаслар ислери агентлигине 400 миллион доллар қаратылғаны, “Жаслар бизнеси” ҳәм “Келешекке қәдем” бағдарламалары есабынан 15 мың жас өз исбилерменлигин жолға қойып, 50 мың адамды жумыс пенен тәмийинлегени атап өтилди.

Бул жумыслардың даўамы сыпатында жаслар исбилерменлигин қоллап-қуўатлаў ушын қосымша 200 миллион доллар ажыратылатуғыны жәрияланды.

Онда қаржыландырыў имканиятлары кеңейтиледи: өзин-өзи бәнт еткен жаслар ушын кредит муғдары 100 миллион сумнан 300 миллион сумға шекем арттырылады. Жас исбилерменлердиң жойбарлары ушын 10 миллиард сумға шекем кредит ажыратыў мүмкин болады. Инновациялық стартап жойбарларына 100 мың долларға шекем инвестиция киргизиўге руқсат бериледи. Хызмет көрсетиў ҳәм улыўма аўқатланыў тараўында 1 мыңнан аслам жумыс орнын жаратқан жергиликли брендлерден франшиза алып, филиал ашыўға қызыққан жаслар ушын қолайлы қаржыландырыў пакетлери енгизиледи.

Усы жылдан “Келешек исбилерменлери” бағдарламасы иске қосылып, жас исбилерменлерге 7 жыл мүддетке шекем 15 процентлик кредит ажыратыў жолға қойылады. Атап айтқанда, өзин-өзи бәнт еткен жасларға гиреўсиз 20 миллион сумға шекем, исбилерменлик көнликпесине ийе болып бизнес баслап атырғанларға 300 миллион сумға шекем, жумысын кеңейтпекши болғанларға 2 миллиард сумға шекем, кеминде 5 питкериўшини жумысқа алған исбилерменлерге болса 10 миллиард сумға шекем кредит берилетуғыны белгиленди.

Сондай-ақ, исбилерменликти енди баслап атырған жаслардың 30 проценти бизнес көнликпеси жетиспейтуғыны себепли қыйыншылыққа ушырасып атырғаны атап өтилди. Сол себепли, ҳәр бир аймақта исбилерменликке оқытыў, идеяны бизнеске айландырыў, бухгалтерия, банк, маркетинг, ишки ҳәм сыртқы базарларға шығыў бойынша комплексли хызмет көрсететуғын “Жаслар бизнес инкубаторы” шөлкемлестириледи.

Абырайлы сырт ел жоқары оқыў орынлары алдынғы тәжирийбелер тийкарында жасларды исбилерменликке оқытыўда бирге ислесиўге таяр екени атап өтилип, кеминде 40 мың жасты бизнеске үйрететуғын “Жаңа әўлад исбилерменлери” бағдарламасын баслаў белгиленди. Бағдарламаны табыслы тамамлаған ең жақсы 1 мың жастың жойбарына үш жыл мүддетке 200 миллион сумға шекем 7 процентлик ссуда бериледи.

Ҳәр жылы “Жас исбилерменлер” таңлаўы өткерилип, ең жақсы 100 жойбарды брендке айландырыў ушын “Жаслар венчур” қорынан 1 миллиард сумға шекем қаржы ажыратылады.

1-марттан жаңа жумыс баслап атырған жас исбилерменлерге инфраструктураға жалғаныўға байланыслы мәмлекетлик хызметлердиң қәрежетлери Жаслар исбилерменлиги қоры есабынан қаплап бериледи.

Социаллық басламалар бойынша “Өз пикириңди бер (Voice Up)” инклюзив дем алыў орайының тәжирийбеси кеңейтилип, оны ҳәр бир аймақта өткериў ҳәм 1 мың жасты қамтып алыў, ең жақсы басламалардың қатнасыўында Самарқанд қаласында Халықаралық инклюзив жаслар дем алыў орайын шөлкемлестириў ўазыйпасы белгиленди.

“Өсиў ҳәм раўажланыў (Upshift)” жойбары шеңберинде быйыл медиа, дизайн, өнерментшилик, өндирис ҳәм инновация бағдарларында да таңлаў өткериледи. Ең жақсы 40 стартапты қаржыландырыў ушын 2 миллиард сум ажыратылады.

Техникумларда билимлендириў бағдарламаларын жумыс бериўшилердиң талабы тийкарында жаңалаў, дуал билимлендириўдиң қамтып алыўын кеңейтиў, материаллық-техникалық базаны жақсылаў бойынша ўазыйпалар белгиленди.

Техникумларға да жоқары оқыў орынлары сыяқлы “spin-off” ашыўға руқсат берилип, оқыўшылардың стартап жойбарларына 1 миллиард сумға шекем ажыратылады. Усы жылдан техникум оқыўшылары ушын да “Жумыс исле ҳәм саяхат ет (Work and travel)” бағдарламасы тийкарында 6 ай сырт елде ислеп, қосымша дәрамат табыў имканияты жаратылады, қатнасыўшыларға жол ҳақы қәрежетлери ушын ссуда ажыратылады.

Шет тили сертификатына ийе жасларды қоллап-қуўатлаў механизми нәтийже бергени атап өтилип, сертификат алған жаслар 600 мыңнан артқаны, шет тиллерин жетик билетуғын 72 мың инструктор қәлиплескени айтылды.

Жеке меншик оқыў орайлары ассоциациясын шөлкемлестириў басламасы қоллап-қуўатланып, ассоциацияға ағза болған орайларға имаратын ижараға берген исбилерменлер ижара дәраматы ҳәм пайда салығын төлеўден азат етиледи. Бундай орайлардың оқытыўшыларын алдынғы билимлендириў орайларына стажировкаға жибериў әмелияты жолға қойылады.

“Көмек” бағдарламасы шеңберинде алыс ҳәм шетки аймақларда шет тили оқыў орайларының жумысын кеңейтиў ушын 300 миллион сумға шекем процентсиз ссуда бериледи. Алыс аймақлардағы оқыў орайлары социаллық салықты 1 процент, оқытыўшылар ушын дәрамат салығын 7,5 процент муғдарында төлейди (ҳәзир 12 процент).

Орынларда жәрдемге мүтәж шаңарақлардағы жасларды бийпул оқытатуғын оқыў орайларына қосымша жеңилликлер берилетуғыны белгиленди: жер ҳәм мүлк салығынан азат етиледи, коммуналлық қәрежетлериниң ярымы қаплап бериледи, оқытыўшыларға төленген дәрамат салығы ҳәм социаллық салық “кешбек” тәризинде қайтарылады.

Волонтёрлық жумысына айрықша итибар қаратылды. Елимизде ҳуқықый тийкарлар жаратылғаны есабынан волонтёр жаслар 5 есеге көбейип, экология, медициналық хызмет, билимлендириў, айрықша жағдайларда жәрдем бериў бағдарларындағы волонтёрлардың саны 100 мыңнан артқаны айтылды.

Волонтёрлық ҳәрекетин раўажландырыў бойынша Қәўендерлик кеңесин дүзиў, Жаслар ислери агентлигинде “Волонтёрлықты қоллап-қуўатлаў” қорын шөлкемлестириў режелестирилди. Қорға ҳәр жылы бюджеттен 20 миллиард сум, қосымша түрде жергиликли бюджетлерден 3 миллиард сумнан ажыратылады. Соның есабынан волонтёрлық жойбарларына 100 миллион сумға шекем грант бериледи, “социаллық белсендилик картасы” арқалы балл системасы енгизиледи.

Мәжилисте жас шаңарақларды қоллап-қуўатлаў, китапқумарлықты ғалабалық ен жайдырыў мәселелери де көтерилди.

Жас шаңарақлар ушын турақ жай ипотека бағдарламасы шеңберинде кредит ставкасының 14 проценттен артқан бөлеги бюджеттен қаплап берилетуғыны айтылды.

“Китапқумарлық мәдениятын раўажландырыў” қоры арқалы ең талантлы жазыўшыларға дөретиўшилик буйыртпа берип, бир жыл даўамында айына 20 миллион сумнан ҳақы төлеў, ең сайланды шет ел әдебиятларын өзбек тилине ҳәм миллий әдебиятты шет тиллерге аўдарыў және басып шығарыў қәрежетиниң ярымын қаплаў белгиленди.

Жаңа оқыў жылына шекем ең жақсы 100 шығармадан ибарат топламды таярлап, барлық мектеп ҳәм техникумларға жеткериў, ең белсенди китапқумар оқыўшыларды 10 миллион сумнан сыйлықлаў ўазыйпасы қойылды.

Китапхана, “book cafe” ҳәм китап дүканын ашып, айына 10 мыңнан аслам китап сатыўды жолға қойған исбилерменлерге 3 жылға 1 миллиард сумға шекем 7 процентлик ссуда бериў механизми нәзерде тутылды.

Жазаны орынлаў мәкемелеринен қайтқан жаслардың жәмийетке тез бейимлесиўи ушын “Екинши имканият” жойбарының басланатуғыны мәлим етилди. Онда 8-12 айлық интенсив курсларда программаластырыў, веб-дизайн, компьютер инженерлиги, басқа да кәсиплер ҳәм шет тиллерине оқытыў арқалы дәраматлы жумысқа ийе болыўына шараят жаратылады.

Ушырасыў жуўмағында мәмлекетимиз басшысы жаслар менен сөйлесип, олардың түрли тараўларға байланыслы усыныс ҳәм басламаларын тыңлады.

Илаж даўамында жуўапкерлердиң есабатлары да тыңланды.

ӨзА