Мәмлекетлик бағдарламаны үгит-нәсиятлаў мәселеси додаланды

22

Өзбекстан Халық демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси басламасы менен “Өзбекстан-2030” стратегиясын “Мәҳәллени раўажландырыў ҳәм жәмийетти илгерилетиў жылы”нда әмелге асырыўға байланыслы мәмлекетлик бағдарламаның мазмун-мәнисин партия электораты арасында кеңнен үгит-нәсиятлаў” атамасында илаж болып өтти.

Онда Өзбекстан Халық демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси басшы ҳәм жуўаплы хызметкерлери, партияның қала ҳәм районлық кеңеси баслықлары, Халық депутатлары қала ҳәм районлық Кеңесиндеги партия топары ағзалары, партия белсендилери ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Атап өтилгениндей, “Өзбекстан-2030” стратегиясын “Мәҳәллени раўажландырыў ҳәм жәмийетти илгерилетиў жылы”нда әмелге асырыўға байланыслы мәмлекетлик бағдарлама шеңберинде 337 анық илаж белгиленген болып, 2026-жылы тараўлар кесиминде 59 нормативлик-ҳуқықый ҳүжжет және стратегиялық әҳмийетке ийе 12 айрықша нормативлик-ҳуқықый ҳүжжет жойбарын ислеп шығыў режелестирилген.

Мәмлекетимиз басшысының усы жыл 16-февральдағы “Мәҳәллени раўажландырыў ҳәм жәмийетти илгерилетиў жылы”нда әҳмийетли бағдарлар бойынша реформалар бағдарламалары ҳәм “Өзбекстан – 2030” стратегиясын әмелге асырыў бойынша мәмлекетлик бағдарлама ҳаққында”ғы Пәрманына муўапық, мәҳәллелерди экономикалық, социаллық ҳәм инфраструктуралық жақтан беккемлеў тийкарғы ўазыйпа сыпатында белгиленди. Соның ишинде, 10 мыңнан аслам өндирис ҳәм хызмет көрсетиў жойбарларын әмелге асырыў арқалы 100 мың жаңа жумыс орны жаратылады, кәмбағаллық ҳәм жумыссызлықтан жырақ мәҳәллелердиң саны 3,5 мыңға жеткериледи. Мәҳәллелер инфраструктурасын жетилистириў ушын 20 триллион сум қаржы қаратылып, мәҳәлледеги машқалаларды жедел шешиў ҳәм орынлаўды 24/7 онлайн қадағалаў системасы енгизиледи.

Экономикалық реформалар шеңберинде 2026-жылы жалпы ишки өним көлемин 167 миллиард АҚШ долларына жеткериў, 2030-жылға шекем болса 240 миллиард доллардан арттырыў ушын беккем тийкар жаратыў нәзерде тутылмақта. Экономикалық өсиў пәти 6,6 процентке жеткерилип, инфляция дәрежеси 6-6,5 процентке түсириледи. Сондай-ақ, 1 миллион пуқараны турақлы жумыс пенен тәмийинлеў, 263 мың шаңарақты кәмбағаллықтан шығарыў арқалы кәмбағаллық дәрежесин 2,8 процентке, жумыссызлықты 4,5 процентке түсириў режелестирилген. Экономикаға 50,4 миллиард АҚШ доллары муғдарында сырт ел инвестицияларын тартыў, хызметлер тараўының көлемин 100 миллиард доллардан арттырыў, қурылыс жумысларының көлемин 11 процентке арттырып 30 миллиард долларға жеткериў ҳәм 4 миллиард долларлық 3,5 мыңнан аслам жаңа хызмет көрсетиў объектлерин иске қосыў ўазыйпалары белгилеп берилген.

Соның менен бирге, кәсип-өнер билимлендириўи системасын раўажландырыў мақсетинде 2026/2027-оқыў жылынан 7 аймақта “Кәсиплер қалашасы” шөлкемлестириледи, техникум оқыўшыларына стипендия төлеў әмелияты енгизиледи. Аймақларда 24 маманлықты баҳалаў орайы иске түсирилип, халықаралық стандартлар тийкарында сертификат бериў системасы жолға қойылады. Германия, Швейцария, Уллы Британия, Қытай ҳәм Корея Республикасы тәжирийбеси тийкарында жумыс алып баратуғын техникумлардың саны 100 ге жеткериледи.

Сондай-ақ, Экологиялық турақлылықты тәмийинлеў бойынша алдынғы технологияларды енгизиў арқалы 7 миллиард куб метр тәбийғый газ үнемленеди ҳәм атмосфераға 11 миллион тонна зыянлы затлардың шығарылыўының алды алынады. 504 мың гектар майданда суўды үнемлейтуғын технологиялар енгизилип, 5 миллиард куб метр суў үнемленеди. 1,3 мың километр канал ҳәм суўғарыў тармақларын бетонлаў арқалы жылына қосымша 500 миллион куб метр суўды үнемлеў тәмийинленеди. 2026/2027-оқыў жылынан ҳәр бир аймақта 14 “жасыл” техникум шөлкемлестириледи, сондай-ақ, электромобиллер ушын 16 процентке шекем жеңиллетилген кредитлер ажыратыў тәртиби енгизиледи.

Мәмлекетлик басқарыў ҳәм суд-ҳуқық системасында Олий Мажлис палаталарының ўәкилликлери кеңейтилип, суд қадағалаўы күшейтиледи, оғада аўыр жынаятлар халық ўәкиллериниң қатнасыўында көрип шығылады. Коррупция, нәшебентлик, ҳаял-қызлар ҳәм балаларға зорлыққа қарсы гүресиў механизмлери жетилистириледи.

Улыўма алғанда, қабыл етилген Мәмлекетлик бағдарлама мәҳәллени раўажландырыў, экономиканы инновациялық жолға қойыў, экологиялық турақлылықты тәмийинлеў ҳәм халықтың абаданлығын арттырыўға хызмет етеди және реформалар орайында инсан мәпин жоқары қояды.

Илаж даўамында бир қатар депутатлар ҳәм партия кеңеси ўәкиллери пикир-усыныслар билдирип, мәмлекетлик бағдарламада белгиленген ўазыйпаларды халық арасында, әсиресе партия электораты арасында партияның тийкарғы буўыны есапланған басланғыш партия шөлкемлеринде кеңнен үгит-нәсият етиў атап өтилди ҳәм орынларда үгит-нәсит илажларын шөлкемлестириў ўазыйпасы белгилеп алынды.

Илаж соңында, партияның бағдарламалық мақсет ҳәм ўазыйпаларын үгит-нәсиятлаўда белсендилик көрсетип атырған бир қатар районлық партия кеңеслери заманагөй компьютер менен сыйлықланды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги