Жас шаңарақларға турақ жай ипотека бағдарламасы шеңберинде кредит ставкасының 14 проценттен артқан бөлеги бюджеттен қаплап бериледи

Ҳәр жылы елимизде 270 мыңға шамалас жаңа шаңарақ пайда болмақта.
– Жас шаңарақлар ушын ең дәслеп не керек? Әлбетте, қолайлы ҳәм ықшам турақ жай зәрүр. Соны есапқа алып, жас шаңарақларды қоллап-қуўатлаў мақсетинде турақ жай ипотека бағдарламасы шеңберинде кредит ставкасының 14 проценттен артқан бөлеги бюджеттен қаплап бериледи, – деди Президентимиз.
Мәлимлеме ҳүжимлери ҳәўиж алып атырған бүгинги күнде жаслар арасында китапқумарлықты ғалаба ен жайдырыў әҳмийетли ўазыйпалардан бири болып қалатуғыны атап өтилди.
Бул жумысларды жаңа басқышқа алып шығыў ушын дүзилген “Китапқумарлық мәдениятын раўажландырыў” қоры арқалы ең талантлы жазыўшыларға дөретиўшилик буйыртпа бериледи ҳәм бир жыл даўамында айына 20 миллион сумнан ҳақы төленеди.
Ең сайланды шет ел әдебиятларын өзбек тилине, миллий әдебиятларды шет тиллерге аўдарыў ҳәм басып шығарыў қәрежетиниң ярымы қапланады.
Жуўапкерлерге жаңа оқыў жылына шекем ең жақсы 100 шығармадан ибарат китаплар топламын таярлап, барлық мектеп ҳәм техникумларға жеткериў тапсырылды. Мектеплердеги ең белсенди китапқумар оқыўшыларға 10 миллион сумнан сыйлық бериледи.
Китапхана, “book cafe” ҳәм китап дүканларын ашып, китап саўдасын айына 10 мың данадан асырған исбилерменлерге үш жылға 1 миллиард сумға шекем 7 процентлик ссуда бериў жолға қойылады.
“Көксарай” резиденциясында Президент Шавкат Мирзиёевтиң жаслар менен сөйлесиўи даўам етпекте.
ӨзА