Волонтёрлық ҳәрекетин раўажландырыў бойынша Қәўендерлик кеңеси шөлкемлестириледи

18

Бүгин дүнья халқының 10 проценттен асламы волонтёрлық пенен шуғылланбақта.

Кейинги жыллары елимизде волонтёрлық жумысының ҳуқықый тийкарының жаратылғаны, волонтёрлар мектеби, жоқары оқыў орынларында орайлардың шөлкемлестирилгени есабынан бизде де бундай жаслар бес есеге көбейди.

Экология, медициналық хызмет, билимлендириў, айрықша жағдайларда жәрдем көрсетиў бағдарындағы волонтёрлардың саны 100 мыңнан асты.

Мине, усындай интакер жасларды қоллап-қуўатлаў мақсетинде министрликлер ҳәм уйымлардың басшылары, белсенди кеўилли жаслардан ибарат Волонтёрлық ҳәрекетин раўажландырыў бойынша Қәўендерлик кеңесин шөлкемлестириў усыныс етилди.

Жаслар ислери агентлигинде “Волонтёрлықты қоллап-қуўатлаў” қоры шөлкемлестириледи. Бул қорға ҳәр жылы бюджеттен 20 миллиард сумнан қаржы бериледи. Буған қосымша ўәлаят ҳәкимлери де жергиликли бюджеттен 3 миллиард сумнан ажыратады.

Бул қаржылардың есабынан жаслардың волонтёрлық жойбарларына 100 миллион сумға шекем грант бериледи. Ықтыярлы жасларға “социаллық белсендилик картасы” ашылып, экология, социаллық қорғаў, медицина, билимлендириў, жәмийетлик қәўипсизлик сыяқлы бағдарлардағы қатнасына қарап, балл берилип барылады.

“Көксарай” резиденциясында Президент Шавкат Мирзиёевтиң жаслар менен сөйлесиўи даўам етпекте.

ӨзА