Енди алыс аймақлардағы оқыў орайлары социаллық салықты бир процент муғдарында төлейди

Президент Шавкат Мирзиёевтиң “Көксарай” резиденциясында жаслар менен сөйлесиўи даўам етпекте.
“Көмек” бағдарламасы шеңберинде 130 миллион сумға шекем процентсиз ссуда ажыратыў жолға қойылғаны себепли алыс ҳәм шетки аймақларда алты ай ишинде шет тилин үйрететуғын 120 дан аслам оқыў орайы жумыс баслады.
Бундай оқыў орайларын шөлкемлестирип, тәжирийбе арттырған жас исбилерменлер әтирапында IT ҳәм заманагөй кәсип орайы, китапхана, спорт дөгереклерин ашыў усынысын бермекте.
“Көмек” жойбары шеңберинде өз бизнесин баслап, жақсы нәтийже көрсетип атырған жаслардың жумысын кеңейтиў ушын 300 миллион сумға шекем процентсиз ссуда ажыратыў жолға қойылады.
Енди алыс аймақлардағы оқыў орайлары социаллық салықты 1 процент муғдарында төлейди, олардағы оқытыўшылар ушын дәрамат салығы 7,5 процент болады (ҳәзир социаллық ҳәм дәрамат салығы 12 проценттен төленеди).
Жаслар ислери агентлигине жеке меншик оқыў орайлары менен биргеликте жылына 20 мың жасты келешек кәсиплерине оқытыў бағдарламасын иске қосыў, ҳәр бир районға 500 миллион сумға шекем ссуда ажыратып, техникум ҳәм оқыў орайларында кәсип-өнер лабораториясын шөлкемлестириў тапсырылды.
ӨзА