Алимент анасы ушын емес, перзенттиң ҳақысы!

4

Ата-аналар ҳәм олардың орнын басыўшы шахслар өз перзентлерин ержеткенге шекем бағыўы, олардың тәрбиясы, билим алыўы, саламат, толық ҳәм ҳәр тәреплеме камалға келиўи ҳаққында ғамхорлық етиўи мәжбүрий екенлиги конституциямызда анық белгилеп қойылған.

Соған қарамастан арамызда өз перзентлериниң тәрбиясына немқурайды болған, ҳәттеки оларды материаллық жақтан тәмийинлеўден бас тартатуғын ата-аналар да ушырасып туратуғыны ашынарлы жағдай. Бундай шахслардан перзентлериниң тәмийнаты ушын алимент пулларын өндириў суд қарарларына тийкарланып Мәжбүрий орынлаў бюросы уйымлары тәрепинен әмелге асырылады.

Бюро уйымлары шөлкемлестирилген ўақытта олардың тийкарғы ўазыйпаларынан бири етип алимент пулларын өндириў ҳаққындағы суд қарарларының орынланыўын тәмийинлеў белгилеп берилген.

Усы тийкарда Мәжбүрий орынлаў бюросы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы ҳәм оның аймақлық бөлимлери тәрепинен суд қарарлары тийкарында жас өспирим ҳәм материаллық тәмийнатқа мүтәж болған шахслардың пайдасына алимент пулларын өндириў жумыслары айрықша қадағалаўға алынып, әмелге асырылмақта.

Буннан тысқары, соңғы жыллары алимент өндириў тараўын әпиўайыластырыў, өндириў механизмин буннан былай да жетилистириўге қаратылған бир қатар реформалар әмелге асырылды.

Атап айтқанда, Бюро уйымларында “E-aliment” автоматластырылған электрон бағдарламасының енгизилгени, өндириўшилерге қолайлық жаратыў мақсетинде АК “Алоқабанк”тен ҳәр бир өндириўшиге банк пластик карталары берилип, бул карталарға төлемлер бағдарлама арқалы автомат түрде өткерилиўиниң жолға қойылғаны, сондай-ақ, алимент төлеўден бас тартқаны ушын жынайый жуўапкершиликке тартылған шахслардың қарыздарлығын Бюро уйымларының қорынан төлеп бериў әмелиятының әмелиятқа енгизилгени буның айқын дәлили болып есапланады.

Соның нәтийжесинде, өткен 2025-жыл даўамында Мәжбүрий орынлаў бюросының Қарақалпақстан Республикасы, қала ҳәм районлар ис жүргизиўиндеги алимент өндириўи менен байланыслы 18 мың 861 орынлаў ҳүжжети бойынша әмелге асырылған мәжбүрий орынлаў ҳәрекетлери нәтийжесинде алимент төлеўши қарыздарлардан жәми 118,5 миллиард сум өндирилген.

Буннан тысқары, қарыздарлар арасында алып барылған профилактикалық сәўбетлесиўлер ҳәм түсиндириў жумыслары даўамында қарыздарлар тәрепинен алдыннан төлем сыпатында (бала 18 жасқа толғанға шекемги болған дәўир ушын) улыўма есапта 791 миллион сумлық мүлк ҳәм пул қаржылары, соның ишинде, 641 миллион сум нақ пуллар, 150 миллион сумлық 2 турақ жай перзентлериниң тәмийнаты ушын тапсырылыўы тәмийинленди.

Сондай-ақ, алимент өндириўге байланыслы орынлаў ислери бойынша бәнтлик ҳәм басқа да жуўапкер уйымлар менен биргеликте көрилген илажлар нәтийжесинде 1 мың 793 жумыссыз алимент төлеўши жумысқа жайластырылып, олардың бәнтлиги тәмийинленди ҳәм алимент өндириў олардың мийнет ҳақысына қаратылды.

Мәҳәлле жетилиги менен биргеликте әмелге асырылған ҳәрекетлер нәтийжесинде жәми 277 ажырасқан шаңарақлар жарастырылып, ержетпеген перзентлер толық шаңарақта камалға келетуғын болды.

Соның менен бирге, өткен дәўирде нызам үстинлигин тәмийинлеў мақсетинде, алимент төлемлерин төлеўден билқастан бас тартқан жәми 411 қарыздар ҳәкимшилик, 27 қарыздар жынайый жуўапкершиликке тартылды.

Жуўмақ орнында атап өтиў орынлы, алимент өндириў бул тек ғана пул қаржыларын бир қолдан екинши қолға өткериў емес, ал ертеңги күнимиз ийелери болған перзентлеримиздиң ҳуқықлары менен мәплерин қорғаў, олардың жасаў шараятларын жақсылаў деген сөз.

Мәжбүрий орынлаў бюросы тәрепинен әмелге асырылып атырған бундай системалы жумыслар, тараўға “E-aliment” сыяқлы заманагөй санлы технологиялардың енгизилиўи жәмийетте жуўапкершилик сезимин арттырыўға хызмет етпекте. Мәмлекет тәрепинен көрилип атырған илажлардан гөзленген тийкарғы мақсет – тек ғана жаза қолланыў емес, ал шаңарақларды сақлап қалыў, жумыссыз қарыздарларды бәнт етиў ҳәм ҳәр бир баланың толық тәмийнатын кепиллеў болып табылады.

Себеби, перзент тәмийнаты – бул келешек тәмийнаты. Ҳәр бир ата-ана өз перзенти алдындағы миннетин тек ғана нызам талабы емес, ал ҳүждан буйрығы менен орынласа, жәмийетимизде саламат ҳәм кәмил әўлад жетисип шығыўы сөзсиз.

Қарақалпақстан хабар агентлиги