Ҳәр жылы кеминде жүз техникум толық оңланып, толық үскенеленеди

Бул ҳаққында Президент Шавкат Мирзиёевтиң “Көксарай” резиденциясында жаслар менен даўам етип атырған сөйлесиўинде атап өтилди.
Өткен жылы Кәсиплик билимлендириў агентлиги шөлкемлестирилип, ҳәр бир аймақта ҳәкимлердиң басшылығында Кәсиплик билимлендириў кеңеслери жумыс баслады.
Агентлик ҳәм ҳәкимлерге қайсы техникумда кәсипке оқытыў бағдарламасын қайта көрип шығып, жумыс бериўшилердиң талабына бейимлестириў, қайсы бирине кәсип-өнер ҳәм “дуал билимлендириў” бойынша ең жақсы тәжирийбелерди алып келиў керек екенлиги ҳәм техникумлардың материаллық-техникалық базасын жақсылаў бойынша мәселелерди оператив шешип барыў тапсырылды.
Ҳәкимлер техникум имараты ҳәм жерлери басқа мақсетлерде берилмеўи, директорлары болса жумысына байланыслы болмаған мәжилиске шақырылмаўы ҳаққында ескертилди.
Ҳәр жылы кеминде 100 техникумды толық оңлап, технологиялық ҳәм талап жоқары болған кәсиплерге сәйкес етип үскенелеў мақсет етип алынды.
“Дуал билимлендириў” қамтып алыўын және де кеңейтиў әҳмийетли екенлиги атап өтилди. Ҳәр айда техникумларда “Кәсиплик раўажланыў күни” ҳәм мийнет ярмаркалары шөлкемлестириледи. Техникумларға да жоқары оқыў орынлары сыяқлы “spin-off” ашыўға руқсат бериледи. Онда оқыўшылардың стартап жойбарларына 1 миллиард сумға шекем ажыратылады.
Усы жылдан баслап, жоқары оқыў орны студентлери сыяқлы техникум оқыўшылары ушын да “Жумыс исле ҳәм саяхат ет (Work and travel)” бағдарламасы тийкарында алты ай даўамында сырт елде ислеп, қосымша дәрамат табыў имканияты жаратылады. Онда бағдарламада қатнасатуғын техникум оқыўшыларына жол ҳақы қәрежетлери ушын ссуда ажыратылады.
ӨзА