Ҳәр жылы жаслардың ең жақсы 100 жойбары брендке айландырылады

Бул ҳаққында Президент Шавкат Мирзиёевтиң “Көксарай” резиденциясында жаслар менен даўам етип атырған сөйлесиўинде атап өтилди.
Гарвард, Стенфорд, Лондон экономика мектеби сыяқлы абырайлы жоқары оқыў орынлары алдынғы тәжирийбелер тийкарында жасларды исбилерменликке оқытыўда бирге ислесиўге таяр.
Жаслар ислери агентлигине усы сырт ел жоқары оқыў орынлары менен бирге кеминде 40 мың жасты бизнеске оқытатуғын “Жаңа әўлад исбилерменлери” бағдарламасын баслаў тапсырылды.
Бағдарламаны табыслы тамамлаған ең жақсы 1 мың жастың жойбарына үш жыл мүддетке 200 миллион сумға шекем 7 процентлик кредит бериледи.
Ҳәр жылы “Жас исбилерменлер” таңлаўы өткерилип, ең жақсы 100 жойбарды брендке айландырыў ушын “Жаслар венчур” қорынан 1 миллиард сумға шекем қаржы ажыратылады.
Банклер биреўден консалтинг компаниясын шөлкемлестирип, усы жылы 50 мың жас исбилерменге бизнес реже таярлаўға жәрдемлеседи, олардың қәрежетин қаплап береди. Ири саўда тармақларының ўәкиллери ҳәм маман қәнигелер тартылып, кеминде 20 мың жас исбилерменликке оқытылады.
Соның менен бирге, 1-марттан жаңадан жумыс баслап атырған жас исбилерменлерге инфраструктураға жалғаныў менен байланыслы мәмлекетлик хызметлердиң қәрежетлери Жаслар исбилерменлиги қорынан қаплап бериледи.
ӨзА