Жас исбилерменлерге 7 жыл мүддетке 15 процентлик кредит ажыратыў басланады

Бул ҳаққында Президент Шавкат Мирзиёевтиң “Көксарай” резиденциясында жаслар менен даўам етип атырған сөйлесиўинде атап өтилди.
Усы жылдан “Келешек исбилермени” бағдарламасы иске қосылады ҳәм жас исбилерменлерге 7 жыл мүддетке 15 процентлик кредит ажыратыў басланады.
Атап айтқанда, өзин-өзи бәнт еткен жасларға гиреўсиз 20 миллион сумға шекем, исбилерменлик көнликпесине ийе болып, өз бизнесин баслап атырғанларға 300 миллион сумға шекем, жумысын кеңейтпекши болған жас исбилерменлерге 2 миллиард сумға шекем, кеминде 5 питкериўшини жумысқа алған исбилерменлерге болса 10 миллиард сумға шекем кредит бериледи.
Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги менен биргеликте “Мениң биринши кәсибим” бағдарламасын баслаў тапсырылды. Онда, стажировка бағдарламасы тийкарында жоқары оқыў орны питкериўшилери арасында таңлаў өткерилип, оларға айына 2 миллион сумға шекем стипендия төлеў жолға қойылады.
Исбилерменликти енди баслап атырған жаслардың 30 проценти бизнес көнликпеси жетиспейтуғыны себепли қыйыншылыққа ушырасып атырғаны атап өтилди.
Сол себепли ҳәр бир аймақта исбилерменликке оқытыў, идеяны бизнеске айландырыў, бухгалтерия, банк, маркетинг, ишки ҳәм сыртқы базарларға шығыў менен байланыслы комплексли хызметлерди көрсететуғын “Жаслар бизнес-инкубаторы” иске қосылады.
Жуўапкерлерге жаслар ушын қолайлы орынларды белгилеп, быйыл Қарақалпақстан, Жиззақ, Наманган, Сурхандәрья, Хорезм ҳәм Ташкент қаласында, келеси жылы қалған аймақларда усындай орайларды шөлкемлестириў тапсырылды.
ӨзА