Беларусь Республикасы Бас министри Ғәрезсизлик монументине гүл қойды

Мәмлекетимизде Бас министр Александр Турчин басшылығындағы Беларусь Республикасы ҳүкимети делегациясы болып тур.
Бүгин жоқары мәртебели мийман “Жаңа Өзбекстан” паркиндеги Ғәрезсизлик монументине гүл қойды, елимиздиң азатлығы, миллий мәмлекетшилигимиз ҳәм раўажланыў жолымыздың нышаны болған комплекс алдында ҳүрмет көрсетти.
Мәресимде Өзбекстан Республикасы Бас министри Абдулла Арипов қатнасып, Беларусь ҳүкимети делегациясына шериклик етти.
Илаж даўамында еки мәмлекет арасындағы дослық қатнасық, өз-ара исеним ҳәм нәтийжели шериклик дәстүри айрықша атап өтилди. Сондай-ақ, мийманларға мәмлекетимиздиң ғәрезсиз раўажланыў жолы, елимизде әмелге асырылып атырған реформалар, жаңа басқыштағы социаллық-экономикалық өзгерислер ҳаққында мағлыўмат берилди.
Рәсмий сапар шеңберинде еки тәреплеме сөйлесиўлер, бирге ислесиўдиң тийкарғы бағдарларын додалаў режелестирилген.
Дилшод Ҳакимов,
Отабек МИРСОАТОВ (сүўрет),
ӨзА