Беларусь ҳүкимети делегациясы Өзбекстанға келеди

20

Беларусь Республикасы Бас министри Александр Турчин басшылығындағы ҳүкимет делегациясы рәсмий сапар менен Өзбекстанда болады.

Беларусь ҳүкимети баспасөз хызметиниң хабар бериўинше, Ташкентке сапар етиў шеңберинде Өзбекстан-Беларусь исбилерменлер кеңесиниң төртинши мәжилиси ҳәм бизнес-форум өткерилиўи режелестирилген. Еки күнлик сапар бағдарламасынан ҳүкимет басшылары дәрежесиндеги сөйлесиўлер, бир қатар санаат кәрханаларына сапарлар да орын алған.

Жоқары дәрежедеги ушырасыўларда еки мәмлекет арасындағы саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық бирге ислесиўди раўажландырыў мәселелери додаланады. Санаат кооперациясын кеңейтиў, исбилерменлик байланысларын беккемлеў ҳәм биргеликтеги жойбарларды алға қойыў мәселелерине айрықша итибар қаратылады.

Азиза АЛИМОВА, ӨзА