“Voyage Awards 2025”: Өзбекстан “Мәдений туризм бойынша жылдың жөнелиси” сыпатында тән алынды

“Voyage Awards 2025” халықаралық сыйлығы шеңберинде Өзбекстан “Мәдений туризм бойынша жыл жөнелиси” номинациясында жеңимпаз деп табылды.
Сыйлық халықаралық майданда миллий туризм потенциалын жедел алға қойғаны ушын Өзбекстан Республикасы Туризм комитетине тапсырылды. Қәнигелер Уллы жипек жолы менен байланыслы жөнелислердиң өзине тәнлиги, мәмлекетимиздиң тарийхый естеликлери ҳәм мәдений дәстүрлерин айрықша атап өтти.
“Voyage Awards” сыйлығы абырайлы халықаралық структуралар ҳәм тараў ўәкиллери тәрепинен туризм бағдарлары, мийманхана тармақлары, авиакомпаниялар ҳәм туристлик шөлкемлерди баҳалаў тийкарында бериледи. Өзбекстанның бул номинацияда жеңимпаз деп табылыўы дүнmя туризм жәмийетшилигиниң елимизге, атап айтқанда, Самарқанд, Бухара, Хийўа сыяқлы тарийхый қалаларға қызығыўшылығы артып атырғанын көрсетеди.
Қәнигелердиң пикиринше, сыйлық мәмлекетимизде туризм тараўын раўажландырыў, халықаралық бирге ислесиўди кеңейтиў ҳәм туризм инфраструктурасын жетилистириўге қаратылған избе-из сиясаттың нәтийжеси болып есапланады.
Азиза АЛИМОВА, ӨзА