Салық нызамбузыўшылықлары ҳаққында хабар бергенлерге 3 миллиард сум сыйлық төленди

Салық комитетиниң мәлим етиўинше, усы жылдың январь айында “Салық” мобиль қосымшасының “Soliq hamkor” системасы арқалы салық ҳуқықбузарлықлары ҳаққында 12 486 мүрәжат келип түскен. Бул болса жәмийетлик қадағалаў барған сайын күшейип атырғанын аңлатады.
Келип түскен мүрәжатлардың тийкарғы бөлеги – 10 879 и сатып алыў чегиниң берилмегенлиги менен байланыслы. Бул болса тутыныўшының ҳуқықлары ҳәм салық тәртиби бағдарындағы машқалалар еле толық сапластырылмағанын көрсетеди.
Сондай-ақ, 510 жағдайда пластик карта арқалы төлемди қабыл етпеў, 34 жағдайда пластик карта арқалы төлегенинде сатып алыў суммасын жасалма арттырыў, 1 063 жағдайда болса басқа түрдеги ҳуқықбузарлықлар дизимге алынған.
1 739 мүрәжат қайта болғаны ямаса шағым етилген исбилерменлик субъектинде тексериў даўам етип атырғаны себепли көрип шығылмаған. Бул жағдай мүрәжатларды таңлап алыў ҳәм қадағалаў процесслерин буннан былай да жетилистириў зәрүрлигин көрсетеди.
Мүрәжатлар тийкарында 5 198 көшпели салық тексериўи өткерилген. Олардың дерлик 99 процентинде ҳуқықбузарлық жағдайлары тастыйықланғаны итибарға ылайық. Бул санлар мүрәжатлардың көпшилиги тийкарлы екенин ҳәм пуқаралар бийпәрўа емеслигин аңлатады.
Нызамбузыўшылықлар бойынша хабар берген пуқаралар хошаметленди. 4 782 жағдай бойынша өндирилген жәрийма суммасының 20 проценти есабынан жәми 3 миллиард сум сыйлық төленген. Бул механизм жәмийетлик қадағалаўды күшейтиў ҳәм салық тәртибин тәмийинлеўде әҳмийетли фактор болып хызмет етпекте.
Таллаўлар соны көрсетпекте, сатып алыў чегин бермеў жағдайлары елеге шекем ең көп ушырасатуғын ҳуқықбузарлық түри болып қалмақта. Соның менен бирге, пластик карта арқалы төлемди қабыл етпеў ямаса баҳаны жасалма арттырыў сыяқлы жағдайлар санлы экономика принциплерине қайшы келеди. Бүгин мәмлекетимизде нақ пулсыз есап-санақлар үлесин арттырыўға қаратылған реформалар әмелге асырылып атырған бир ўақытта бундай жағдайлар базар қатнасықларына унамсыз тәсир көрсетеди.
“Soliq hamkor” системасы арқалы келип түскен мүрәжатлар саны пуқаралардың ҳуқықый санасы ҳәм белсендилиги артқанын аңлатады. Сыйлықлаў системасы болса бул процессти хошаметлеўши фактор сыпатында хызмет етпекте.
Ш.Маматуропова, ӨзА