“Өзхимиясанаат” АЖ ESG  рейтингинде жаңа нәтийжени атап өтти

22

“Өзхимиясанаат” АЖ тәрепинен халықаралық ESG  рейтингин алыў бойынша избе-из жумыслар әмелге асырылды.

Жәмийеттиң мәлимлеме хызметиниң мәлим етиўинше, шөлкем “S&P Global” халықаралық рейтинг агентлиги менен бирге ислесиўди жолға қойып, 2025-жыл 17-февральда биринши мәрте ESG  рейтингине ийе болды. Баҳалаў жуўмақларына бола, компания 29 балл топлап, Өзбекстанда усы агентлик тәрепинен ESG  рейтинги берилген биринши кәрхана сыпатында тән алынды.

Турақлы раўажланыў, экологиялық жуўапкершилик ҳәм нәтийжели корпоратив басқарыўды тәмийинлеўге қаратылған системалы илажлар нәтийжесинде усы жылы “Өзхимиясанаат” АЖның ESG  көрсеткиши 36 баллға шекем артты. Бул болса жәмийетте корпоратив басқарыўды жетилистириў, риск-менеджмент системасын беккемлеў, мәлимлеме қәўипсизлигин тәмийинлеў ҳәм инсан капиталын нәтийжели басқарыў бағдарында әмелге асырылған жумыслардың нәтийжесин көрсетти.

Атап өтилиўинше, ерисилген нәтийжелер “Өзхимиясанаат” АЖда ESG  принциплерин системалы енгизиў, сондай-ақ, халықаралық стандартларға муўапық жумыс алып барыўға қаратылған реформалар избе-из даўам етип атырғанын көрсетеди.

Н.Зиёдуллаева,

ӨзА