Халықаралық конференцияда Өзбекстандағы унамлы әмелият атап өтилди

24

Санкт-Петербург қаласында ҒМДА Парламентлераралық ассамблеясы тәрепинен шөлкемлестирилген “Сайлаў ҳәм референдум институтына исенимди арттырыў: халықаралық бақлаўдың орны” атамасындағы халықаралық конференция болып өтти. Онда Өзбекстан делегациясы да қатнасты.

Илажда сайлаўлар ҳәм референдумларда халықаралық бақлаў жумысын жетилистириў, жаслардың электорал мәдениятын қәлиплестириў, сайлаў процесине заманагөй мәлимлеме-технологияларын енгизиў, жасалма интеллект ҳәм оның сайлаў процесинде қолланылыўы сыяқлы мәселелер додаланды.

Сенаттың Суд-ҳуқық мәселелери ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў комитетиниң баслығы Абдулҳаким Эшмурадов миллий сайлаў системасының әҳмийетли тәреплери ҳаққында айтып берди. Сайлаў комиссияларының еркинлиги, сиясий партиялар ушын теңдей шараят жаратылыўы, пуқаралардың сайлаў ҳәм сайланыў ҳуқықларының әмелдеги кепилликлери, мәлимлеме-коммуникация технологияларының кеңнен енгизилиўи, сайлаў процесиниң ашық-айдынлығы ҳәм басқа да мәселелерге тоқтап өтти.

Конференция қатнасыўшылары тәрепинен соңғы жылларда Өзбекстанда сайлаў ҳәм референдумлар өткериўдиң унамлы әмелияты айрықша атап өтилди.

Илаж шеңберинде Өзбекстан Республикасында сайлаўды шөлкемлестириў ҳәм өткериўге байланыслы китаплар көргизбеси шөлкемлестирилди.

Норгул АБДУРАИМОВА,

ӨзАныӊ хабаршысы