Отабек Умаров FIA Сенаты басқарыў кеңесинен орын алды
13

Өзбекстан Миллий олимпиада комитети баслығының биринши орынбасары Отабек Умаровтың Халықаралық автомобиль федерациясы (FIA) Сенатының ағзалығына тайынланғаны жәрияланды.
Елимизде олимпиада ҳәрекетин тәмийинлеў ҳәм Азия олимпиада кеңеси раўажланыўы жолында нәтийжели жумыс алып барып киятырған ўатанласымыздың FIA Сенаты басқарыў кеңесинен орын алыўы мәмлекетимизде автомобиль спортын буннан былай да раўажландырыў, халықаралық бирге ислесиў байланысларын беккемлеў ҳәм турақлы басламаларды алға қойыў жумысларында нәтийжелиликке ерисиўге хызмет ететуғыны менен әҳмийетли болып есапланады.
Еслетип өтемиз, FIA Сенаты автомобиль спортының раўажланыўын тәмийинлеў жолындағы стратегиялық усынысларды ислеп шығыўға басшылық етеди.
Т.Рўзиев, ӨзА