Нефть ҳәм газ тармағына байланыслы тапсырмалар орынланыўының барысы көрип шығылды

Президент Шавкат Мирзиёев “Өзбекнефтьгаз” акционерлик жәмийетиниң жумыс нәтийжелилигин арттырыў бойынша берилген тапсырмалардың орынланыўы менен танысты.
Усы жылдың 30-январь күни болып өткен презентацияда компания жумысында операциялық нәтийжелиликти арттырыў ҳәм финанслық турақлылықты тәмийинлеў, геологиялық-излеў жумысларын кеңейтип, углеводород резервлерин көбейтиў бойынша бир қатар ўазыйпалар белгилеп берилген еди.
Бүгин мәмлекетимиз басшысы бул бағдардағы жумыслардың барысы ҳаққындағы мәлимлеме менен танысты.

Бәринен бурын, компания жумысында қәрежетлерди оптималластырыў бойынша көрилип атырған илажлар ҳаққында мағлыўмат берилди. Соның ишинде, орайлық аппаратының шөлкемлестириўшилик структурасы қайта көрип шығылып, оптималластырылмақта. Өндирислик хызметлер, товар ҳәм материаллар баҳалары және жумысты бөлип алып ислеў бойынша баҳаларды қайта көрип шығыў, кредит портфелин тәртипке салыў басланды. Тараўға байланыслы болмаған активлер басқарыўдан шығарылмақта.
Соның менен бирге, дебитор қарыздарлықты қысқартыў бойынша системалы жумыслар жолға қойылғаны атап өтилди.
Геология-излеў жумысларын кеңейтиў ҳәм углеводород резервлерин көбейтиў бойынша алып барылып атырған жумысларға да тоқтап өтилди. Соның ишинде, 2026-2027-жылларда бир қатар аймақлардағы жаңа майданларда излеў жумысларын күшейтиў, 3D сейсмикалық-излеў көлемлерин кеңейтиў ҳәм қудықларды қурыў менен жуўмақлаў режелери белгиленгени айтылды. Сондай-ақ, усы жылдың январь-февраль айларында еки жаңа газ конденсат кәни ашылғаны ҳаққында мағлыўмат берилди.

Компанияның стратегиялық раўажланыўы шеңберинде форензикалық аудит өткериў, сатып алыў процесслерин жетилистириў, ESG принциплерин енгизиў ҳәм есабатларды халықаралық стандартлар тийкарында таярлаў жумыслары жеделлестириледи.
Мәмлекетимиз басшысы белгиленген ўазыйпалар ҳәм режелестирилген барлық илажлардың орынланыўын анық есап-санақ, қатаң тәртип ҳәм жеке жуўапкершилик тийкарында тәмийинлеўди даўам еттириў бойынша жуўапкерлерге тапсырмалар берди.
ӨзА