Италияда қысқы Олимпиада жуўмақланды

3

Спортшылар 16 спорт түри бойынша 116 медальлар топламы ушын гүрес алып барды. Жарыс жуўмағы бойынша 29 сайланды команда медальларға ийе болды, улыўма командалық есапта болса Норвегия (18 алтын) жетекши болды.

Жекелик беллесиўлерде лыжа шебери Йоханнес Клэбо жетекшилик етти: ол 6 алтын медальды қолға киргизди ҳәм енди қысқы ойынлар тарийхындағы ең жеңипаз қатнасыўшыға айланды. Ол үш Олимпиада даўамында жоқары дәрежедеги 11 сыйлыққа ийе болды.

Бразилиялы таў лыжа бойынша спортшы Лукас Пиньейро Бротен гигант слалом бойынша жарысты жеңип шықты ҳәм қысқы Олимпиада ойынлары тарийхында биринши қубла америкалы жеңимпазға айланды.

Ойынларда Өзбекстан абырайын шорт-трекшиси Даниил Ейбог ҳәм таў лыжашы Медет Назаров қорғады, бирақ олар медаль қолға киргизе алмады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги