“Исбилермен ҳәм жаслар” ушырасыўы: креатив идеялар ҳәм әмелий тәжирийбе майданы

ӨзЛиДеП Қарақалпақстан Республикасы Жаслар қанатының басламасы менен “Исбилермен ҳәм жаслар” ушырасыўы шөлкемлестирилди. Бул илаж “Креатив жас исбилермен” реклама тренинги атамасында өткерилип, жаслардың исбилерменлик жумысында заманагөй маркетинг ҳәм реклама қуралларынан нәтийжели пайдаланыў көнликпелерин арттырыўға қаратылды.
Ушырасыўда Нөкис қаласындағы белгили жас исбилерменлердиң бири, “Babajanov studio”, “Babajanov Production” ҳәм “Babajanov Print” Типография ҳәм полиграфия орайының тийкарын салыўшысы Рашид Бабажанов өз жумысы ҳәм топлаған тәжирийбеси менен ортақласты. Ол заманагөй реклама усыллары, жеке бренд жаратыў, қарыйдарлар менен ислесиў мәденияты ҳәм социаллық тармақларда нәтийжели контент таярлаў бойынша әмелий усыныслар берди.
Илаж даўамында жумыс алып барып атырған жас исбилерменлер тәрепинен ислеп шығарылып атырған өнимлер ҳәм көрсетилип атырған хызметлерди кең жәмийетшиликке жеткериўде видеороликлер ҳәм инфографикалар таярлаў бойынша әмелий тренинглер шөлкемлестирилди. Қатнасыўшылар өз бизнес жойбарлары ушын реклама материалларын ислеп шығыў ҳәм оларды социаллық тармақлардағы постлар арқалы үгит-нәсиятлаў көнликпелерине ийе болды.
Бул ушырасыў жаслардың креатив пикирлеўин қоллап-қуўатлаў, оларды заманагөй исбилерменлик орталығына бейимлестириў ҳәм бәсекиге шыдамлылығын арттырыўға хызмет етти. Соның менен бирге, илаж жас исбилерменлер арасында тәжирийбе алмасыў ҳәм өз-ара бирге ислесиў байланысларын беккемлеў ушын нәтийжели орталық болды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги