Минскден хошхабар: Гран-при турнириндеги жаңа табыс

14

Беларусь Республикасы пайтахты Минск қаласында спорттың еркин гүрес ҳәм ҳаял-қызлар гүреси бойынша 3 мәрте Олимпиада чемпионы, көп мәрте жәҳән ҳәм Европа чемпионы Александр Медведьтиң естелигине бағышланған халықаралық Гран-При жарысы болып өтти.

Жарысқа  Өзбекстан сайланды командасы қурамында республикамыз спортшылары да қатнасып, жақсы нәтийжелерди қолға киргизиўге миясар болды.

Атап айтқанда, 92 кг салмақта Ерназар Жумабаев, қызлар арасында 50кг салмақта Ақтенге Кеўнимжаевалар барлық қарсыласларын жеңип шығып, турнир жеңимпазына айланды.

Ал, 46 кг салмақта беллесиўлерге түскен Камила Абатбаева болса гүмис, 53 кг да Сәҳипжамал Есбосынова ҳәм 61кг да Сийсагүл Сәрсенбаева қола медальларын қолға киргизди.

Жас спортшыларды жарысқа Дәўлетияр Артықбаев, Айнура Жапақова, Барзыў Кийлибаев ҳәм Севара Еримбетовалар таярлады.

Адилбай Оразов,

                                               Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы