“Жаңа Өзбекстан” университети Орайлық Азияда биринши болып Oxford Hub платформасын иске қосты

“Жаңа Өзбекстан” университетинде Уллы Британияның дүньядағы ең абырайлы жоқары оқыў орынларынан бири, халықаралық рейтинглерде жетекши орын ийелеп киятырған Оксфорд университети менен биргеликте шөлкемлестирилген Oxford Hub платформасының рәсмий ашылыў мәресими болып өтти.
Оксфорд университети соңғы жыллары Times Higher Education World University Rankings рейтингинде избе-из түрде дүньяның биринши санлы университети сыпатында тән алынып келинбекте. Сондай-ақ, QS World University Rankings рейтингинде де турақлы түрде ең жоқары текшелерде атап өтилип келинбекте.
Бундай абырайлы университет пенен бирге ислесиў “Жаңа Өзбекстан” университетиниң халықаралық академиялық майдандағы абырайын жаңа басқышқа алып шығады.

Бул жойбар тек ғана Өзбекстан емес, ал пүткил Орайлық Азия жоқары билимлендириў тарийхында әҳмийетли ўақыя есапланады. “Жаңа Өзбекстан” университети регионда биринши болып Оксфорд университети менен бундай кең көлемли ҳәм системалы академиялық платформаны жолға қоймақта.
Oxford Hub Өзбекстан жоқары билимлендириў мәкемелери ушын Оксфорд университетиниң жетекши илимпазлары, қәнигелериниң алдынғы изертлеўлерине рәсмий ҳәм системалы тийкарда кириў имканиятын жаратады. Бул баслама Оксфорд университети қурамындағы Wolfson колледжи жанында жумыс алып баратуғын Oxford Birsöz Initiative тәрепинен муўапықластырылады ҳәм Уллы Британия ҳүкиметиниң жәрдеминде әмелге асырылады.

Салтанатлы илажда мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министри Эъзоза Каримова кейинги жылларда билимлендириў тараўында алдыңғы басламалар алға қойылып атырғанын атап өтти. Бул басламалар билимлендириўдеги халықаралық бирге ислесиўдиң барған сайын кеңейип барыўында әҳмийетли фактор болып атырғаны итибарға ылайық. Атап өтилгениндей, “Жаңа Өзбекстан” университети ҳәм Оксфорд университети арасында Oxford Hub’тың шөлкемлестирилиўи жасалма интеллект, инженерлик, алдыңғы технологиялар ҳәм илимниң түрли бағдарларында елимиз ҳәм британиялы қәнигелер, илимпазлар арасында кеңнен бирге ислесиўге, жаңа илимий изертлеўлерге тийкар болады.
— Бул платформаның иске қосылыўы академиялық бирге ислесиў, профессорлар алмасыўы, илимий изертлеўлерде де айрықша әҳмийетке ийе, – деди мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министри Эъзоза Каримова.
Салтанатлы илажда Уллы Британияның Орайлық Азия ҳәм Әзербайжан бойынша саўда ўәкили лорд Жон Олдердайсқа “Жаңа Өзбекстан” университетиниң “Ҳүрметли профессоры” атағы тапсырылды.
– Өзбекстанда билимлендириў тараўында үлкен өзгерислер жүз бермекте, – деди Уллы Британияның Орайлық Азия ҳәм Әзербайжан бойынша саўда ўәкили лорд Жон Олдердайс. – Бул өзгерислер мәмлекеттиң раўажланыўына хызмет ететуғыны сөзсиз.
Ҳақыйқатында да, мәмлекетимиз ҳәм дүньяның ең абырайлы жоқары оқыў орынлары арасындағы бирге ислесиўдиң күшейиўи билимлендириўдиң сапасын буннан былай да жетилистириўге хызмет етеди.
Назокат Усмонова, ӨзАның хабаршысы