Өзбекстан глобаллық машқалаларға шешим усыныс ете алатуғын белсенди мәмлекет сыпатындағы орнын және де беккемледи

30

Мүнәсибет

Президент Шавкат Мирзиёевтиң АҚШқа әмелий сапары еки мәмлекет арасындағы стратегиялық шериклик қатнасықларын буннан былай да беккемлеў жолындағы әҳмийетли қәдем болды.

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Халықаралық қатнасықлар, сыртқы экономикалық байланыслар, сырт ел инвестициялары ҳәм туризм мәселелери комитети баслығының орынбасары Одилжон МАМАТКАРИМОВ бул ҳаққында мүнәсибет билдирди:

– Өзбекстан кейинги жыллары тынышлық сүйер, ашық ҳәм тең салмақлы сыртқы сиясат жүргизип, халықаралық майданда исенимли ҳәм жуўапкершиликли шерик сыпатында өз абырайын беккемлеп бармақта.

Мәмлекетимиз тәрепинен регионаллық турақлылықты тәмийинлеў, глобаллық машқалаларды сөйлесиў ҳәм бирге ислесиў жолы менен шешиў, экономикалық байланысларды кеңейтиўге қаратылған избе-из ис-ҳәрекетлер дүнья жәмийетшилиги тәрепинен унамлы баҳаланбақта.

Әсиресе, Америка Қурама Штатлары менен өз-ара пайдалы бирге ислесиў кейинги жылларда сапа жағынан жаңа басқышқа көтерилип, саўда-экономикалық, инвестициялық, билимлендириў ҳәм инновация тараўларында избе-из кеңейип бармақта.

Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң АҚШқа әмелий сапары мине усы процесслердиң логикалық даўамы болды. Вашингтон қаласында өткерилген ушырасыў ҳәм сөйлесиўлер мәмлекетимиз сыртқы сиясатының әмелий нәтийжелерге қаратылғанын және бир мәрте көрсетти.

Мәмлекетимиз басшысы Тынышлық кеңесиниң дәслепки мәжилисинде шығып сөйлеп, Газа секторын социаллық-экономикалық жақтан тиклеў ҳәм регионда турақлылықты тәмийинлеў бойынша өз көзқарасларын алға қойды.

Бул баслама Өзбекстанның халықаралық майданда белсенди, жуўапкершиликли ҳәм тынышлықты сүйетуғын мәмлекет сыпатындағы абырайын және де беккемлеўге хызмет етеди. Мәмлекетимиз тек ғана регионаллық емес, ал глобаллық көлемдеги машқалаларға бийпәрўа емеслигин, оларды қарым-қатнас ҳәм бирге ислесиў арқалы шешиў тәрепдары екенин әмелий усыныслар менен көрсетпекте.

Газа секторын социаллық-экономикалық тиклеў мәселесинде билдирилген позиция Өзбекстанның инсаныйлық принциплерине садықлығын, турақлылық ҳәм раўажланыўды тәмийинлеўди тийкарғы ўазыйпа сыпатында көретуғынын дәлилледи. Бул болса мәмлекетимизди халықаралық қатнасықларда исенимли, конструктивлик ҳәм интакер шерик сыпатында және де беккем позицияға алып шығады.

Сапар етиў шеңберинде Президентимиз АҚШ саўда министри, саўда ўәкили, Эксимбанк басшылығы ҳәм Халықаралық финанслық раўажланыў корпорациясының бас атқарыўшы директоры менен ҳәр тәреплеме ҳәм мазмунлы ушырасыўлар өткерип, еки мәмлекет арасындағы экономикалық бирге ислесиўди буннан былай да кеңейтиўге қаратылған тийкарғы мәселелерди додалады.

Сөйлесиўлер ўақтында өз-ара саўда көлемин арттырыў, инвестициялық байланысларды жеделлестириў, стратегиялық жойбарларды биргеликте қаржыландырыў механизмлерин жетилистириў, санаат, энергетика, инфраструктура ҳәм жоқары технологиялар тараўларында жаңа басламаларды алға қойыў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.

Алдынғы инновациялық шешимлер ҳәм заманагөй басқарыў тәжирийбесин Өзбекстан экономикасына тартыў, жеке меншик сектор арасындағы шерикликти беккемлеў және қаржы институтларының қатнасын кеңейтиў бойынша әмелий келисимлерге ерисиў мәселелери көрип шығылды.

Әне усы сөйлесиўлердиң логикалық даўамы сыпатында АҚШ қаржы институтлары ҳәм ири компаниялары менен бирге ислесиўди тереңлестириў бойынша анық бағдарлар белгилеп алынды. Бул болса, Өзбекстан экономикасын модернизациялаў, жоқары қосымша қун жарататуғын жаңа өндирислик қуўатлықларды қурыў, алдынғы технологияларды енгизиў ҳәм экспорт географиясын кеңейтиўге хызмет етеди.

Сапар етиў шеңберинде еки тәреплеме ҳүжжетлерге қол қойылғаны ҳәм биргеликтеги жойбарлардың презентациясы өткерилгени болса экономикалық шерикликтиң сөзде емес, ал әмелде беккемленип атырғаны, Өзбекстан-АҚШ қатнасықлары әмелий нәтийжелер басқышына өтип атырғанын айқын көрсетти.

 

Жуўмақлап айтқанда, бул әмелий сапар Өзбекстанның глобаллық экономикалық ҳәм сиясий процесслердеги қатнасын және де жеделлестириў, халықаралық майдандағы абырайын беккемлеў және стратегиялық шериклер менен өз-ара пайдалы байланысларды тереңлестириў жолында әҳмийетли басқыш болды.

Ерисилген келисим ҳәм басламалар мәмлекет экономикасына жаңа инвестициялар ҳәм алдынғы технологияларды тартыў, санаатты модернизациялаў, экспорт потенциалын арттырыў және жоқары қосымша қун жарататуғын тармақларды раўажландырыўға хызмет етеди.

Соның менен бирге, бул сапар етиў Өзбекстанның тынышлықты сүйиўши ҳәм конструктивлик сыртқы сиясат жүргизип атырған, глобаллық машқалаларға шешим усыныс ете алатуғын белсенди мәмлекет сыпатындағы орнын және де беккемледи.

 

ӨзАның хабаршысы

Норгул АБДУРИМОВА.

жазып алды.