Өзбекстан делегациясы ЕҚБШ Парламент Ассамблеясының қысқы сессиясында қатнасты

10

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси делегациясы Вена қаласында болып өткен ЕҚБШ Парламент Ассамблеясының қысқы сессиясында қатнасты. Бул ҳаққында парламент төменги палатасының Баспасөз хызмети хабар берди.

Сессия шеңберинде Өзбекстан делегациясы ағзалары тәрепинен мәмлекетимизде “Өзбекстан – 2030” стратегиясы шеңберинде алып барылып атырған системалы реформалар, жасыл экономикаға өтиў процесслери, экологиялық турақлылықты тәмийинлеў ҳәм пуқаралардың социаллық мәплерин қорғаў бағдарында әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалар ҳаққында толық мағлыўмат берилди.

Сондай-ақ, илим ҳәм билимлендириў тараўын раўажландырыў, инновацияларды кеңнен енгизиў, экономика тармақларына заманагөй илимий-технологиялық жетискенликлерди енгизиў, климат өзгериўине қарсы гүресиў бойынша алып барылып атырған әмелий илажларға да тоқтап өтилди.

Сапар етиў шеңберинде бир қатар еки тәреплеме ушырасыўлар да өткерилди. Соның ишинде, Австрия парламенти администрациясы, АҚШ Конгресси Сенатының ўәкиллери, Швеция парламентиниң ағзалары, ЕҚБШ Парламент Ассамблеясы ҳәм Түркий мәмлекетлер шөлкеми Парламент Ассамблеясының бас хаткерлери ҳәм басқа да рәсмий делегациялар менен нәтийжели сөйлесиўлер болып өтти.

Ушырасыўлар даўамында парламентлераралық бирге ислесиўди буннан былай да беккемлеў, өз-ара пайдалы басламаларды кеңейтиў, сондай-ақ, бар байланысларды жаңа басқышқа алып шығыў мәселелери бойынша ҳәр тәреплеме пикир алысылды.

М.Комилова,

ӨзА