«Арал» және 3 ойын өткерди

Быйылғы жылы өз алдына футбол бойынша Өзбекстан Супер-лигасына шығыўды мақсет еткен Нөкистиң «Арал» клубы ҳәзирги ўақытта Ташкент қаласында жаңа мәўсимге басқа командалар менен жолдаслық ойын өткериў арқалы пуқта таярлықлар көрмекте.
Атап айтқанда, командамыз 19-февраль күни көп жыллардан берли Супер-лигада ойнап киятырған Мубаректиң «Машъал», 21-февраль күни Про-лигада жеңимпазлық ушын тийкарғы даўагер Бекабадтың «Металлург», 22-февраль күни Тәжикстан жоқарғы лигасының ўәкили «Эсхата» командалары менен өз-ара жолдаслық ойын өткерди.
«Машъал»ға қарсы өткерилген ойында 3:0 есабында жеңиске ерискен Нағметулла Қутыбаевтың шәкиртлери, «Металлург» пенен болған ушырасыўда теңбе-тең ойнады. Есап 3:3.
Тәжикстан жоқарғы лигасының ўәкили «Эсхата» клубы менен өткерилген ойында да командамыз ағзалары өзлериниң шеберликлерин көрсетип, 2:0 есабында жеңиске еристи.
Ҳәзирги ўақытта оқыў-шынығыў жыйыны даўам етпекте.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы