“Өзбекстан – 2030” стратегиясы: денсаўлықты сақлаў системасындағы әҳмийетли тәреплерге шешимлер…

26

Мәмлекетлик сиясат ҳәм басқарыў академиясында “Раўажланыў стратегиясы” орайы ҳәм Стратегиялық раўажланыў ҳәм реформалар агентлиги менен биргеликте жаңа редакцияда қабыл етилген “Өзбекстан – 2030” стратегиясы бойынша жәмийетшилик додалаўлары, билдирилген усыныслар ҳәм оған киргизилген өзгерислер және нәтийжелер бойынша баспасөз әнжуманы шөлкемлестирилди.

Асылбек Худаяров, Өзбекстан Республикасы денсаўлықты сақлаў министри:


– Денсаўлықты сақлаў системасы мәмлекетимиздиң раўажланыў стратегиясында әҳмийетли орын ийелеген. Әлбетте, ҳәр биримиздиң бул тараўға зәрүрлигимиз болады. Маман кадрлар ҳәммесин шешеди. Министрлигимиз шыпакерлердиң маманлығын арттырыў бойынша үлкен жумысларды режелестирип атыр.

Басқа хызметлерден парықлы түрде тараў ўәкиллеринен 24 саат ҳәрекетте болыў талап етиледи. Бүгинги күнде Президентимиздиң басламасы менен халықаралық экспертлерди тартқан ҳалда денсаўлықты сақлаў системасындағы әҳмийетли ҳәм итибарлы тәреплерге шешимлер исленбекте. Бул басқышпа-басқыш әмелге асырылмақта.

Раўажланыў стратегиясында жаңа пәрман менен денсаўлықты сақлаў системасына байланыслы 9 стратегиялық тийкарғы мақсет ҳәм оларға ерисилгенлигин баҳалаўшы 33 көрсеткиш анық санларда ҳәм орынлаў механизми менен көрсетип берилди.

Системаның қайсы бағдарларын раўажландырыўымыз керек болса, пәрманда әне усылар белгилеп берилди. Бунда халықтың узақ өмир көриў даўамлылығын арттырыўдан баслап, қандай механизмлер тийкарында өлим ҳәм майыплық көрсеткишлериниң алдын алыўға шекем.

Бул ҳүжжетте халықты ең көп тәшўишке салып атырған мәселелер, адамлардың күнделикли турмысында сезилип атырған мақсетлер өз көринисин тапты.

 

Абдулазиз РУСТАМОВ, Отабек МИРСОАТОВ (фото), ӨзА