Көшпес мүлкти ҳәм автотранспорт қуралларын алыў және сатыўда есап-санақлар нақ пулсыз түрге өткерилмекте

Өзбекстан Республикасы Орайлық банкинде көшпес мүлк ҳәм автотранспорт қураллары алды-сатты шәртнамаларын нотариал тастыйықлаўда есап-санақларды нақ пулсыз түрде әмелге асырыўды енгизиў мәселесине бағышланған ушырасыў болып өтти.
Бул тәртип Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2025-жыл 10-декабрьдеги ПП-246-санлы Пәрманына муўапық 2026-жыл 1-апрельден баслап әмелиятқа енгизиледи.
Ушырасыўда Орайлық банк Баслығының биринши орынбасары Н.Саидуллаев, Әдиллик министриниң орынбасары М.Икрамов, Өзбекстан Нотариал палатасының баслығы Д.Ашуров, сондай-ақ, Әдиллик министрлиги, Орайлық банк, коммерциялық банклердиң ўәкиллери ҳәм әмелдеги нотариуслар қатнасты.

Додалаўлар даўамында халық ҳәм исбилерменлик субъектлерине оператив ҳәм сапалы хызмет көрсетиў, нотариал уйымлар ҳәм банклердиң үзликсиз жумысын тәмийинлеў, есап-санақларды әпиўайы, түсиникли ҳәм қәўипсиз түрде шөлкемлестириў, сондай-ақ, электрон мәлимлеме системаларын өз-ара интеграциялаўға байланыслы мәселелер ҳәр тәреплеме көрип шығылды.

Атап өтилген илажлар есап-санақлардың исенимлилигин арттырыў, алдаўшылық жағдайларының алдын алыў, финанслық операциялардың ашық-айдынлығын тәмийинлеў ҳәм жасырын экономиканы қысқартыўға хызмет ететуғыны атап өтилди.
Ушырасыў жуўмағында жуўапкер уйымлар тәрепинен әмелге асырылыўы керек болған анық ўазыйпалар белгилеп алынды.
ӨзА