Өзбекстан – Малайзия: экономикалық бирге ислесиў жаңа басқышқа көтерилмекте

18

Makkah Halal Forum илажы шеңберинде Өзбекстан Саўда-санаат палатасы ҳәм Малайзия Халықаралық маркетинг ҳәм саўда палатасы арасында өз-ара түсинисиў меморандумына қол қойылды. Ҳүжжет еки мәмлекет исбилермен топарлары арасындағы байланысларды беккемлеў ҳәм әмелий бирге ислесиўди кеңейтиўге қаратылған.

Меморандумға Өзбекстан Саўда-санаат палатасы баслығының биринши орынбасары Давронбек Қурбонов ҳәм Малайзия Халықаралық маркетинг ҳәм саўда палатасының басшысы Зубер Бакри қол қойды. Тәреплер бул келисим арқалы исбилерменлер арасында тиккелей сөйлесиўди жолға қойыў, жаңа шериклик қатнасықларын қәлиплестириў ҳәм бизнес жойбарларды қоллап-қуўатлаўды мақсет еткен.

Келисимге муўапық, саўда делегациялары ҳәм бизнес-миссиялардың алмасыўын шөлкемлестириў, инвестициялық жойбарларды биргеликте әмелге асырыў, базарлар ҳаққындағы мәлимлеме менен өз-ара алмасыў, халықаралық көргизбе ҳәм форумларға белсене қатнасыў режелестирилмекте. Сондай-ақ, техникалық жәрдем ҳәм билимлендириў бағдарламаларын жолға қойыў арқалы исбилерменлердиң маманлығын арттырыў да нәзерде тутылған.

Ҳадал индустриясы, агросанаат комплекси, азық-аўқат өнимлерин ислеп шығарыў, тоқымашылық ҳәм хызметлер тараўы тийкарғы бағдарлар сыпатында белгиленди. Бул тармақларда қоспа жойбарларды әмелге асырыў ҳәм өз-ара инвестиция киргизиў имканиятларын кеңейтиў тийкарғы ўазыйпалардан бири болып есапланады.

Экономистлердиң пикиринше, бул келисим жаңа қоспа жойбарларды әмелге асырыў, инвестицияларды тартыў ҳәм Өзбекстан – Малайзия исбилерменлери ушын жаңа базар имканиятларын ашыўға хызмет етеди.

Ф.Яхшибоева, ӨзА