Халық ўәкиллери менен ушырасыўда реформалар ҳаққында сөз болды

31

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаевтың Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Халық депутатлары қалалық, районлық Кеңеслери депутатлары менен ушырасыўы өткерилди.

Онда Жоқарғы Кеңес Баслығы шығып сөйлеп, соңғы жыллары елимизде ҳүрметли Президентимиздиң басшылығында тек ғана Қарақалпақстан ушын өз алдына қабыл етилген қарар, пәрманлар, усы ҳүжжетлер арқалы берилген жеңилликлер ҳаққында кең түрде атап өтти. Ушырасыўда сондай-ақ, өткен қысқа ўақыт ишинде Қарақалпақстан тарийхы бетлеринде өзине тән орын алған әҳмийетли жаңалықлар, бүгинги күнде әмелге асырылып атырған кең көлемли ийгиликли жумыслар, алдағы ўазыйпалар ҳаққында кең түрде сөз етилди.

Атап өтилгениндей, ҳүрметли Президентимиздиң тек ғана Қарақалпақстан ушын 2017-жылдан берли 78 пәрман ҳәм қарарлары қабыл етилген болса, ҳәзирги ўақытта 38 ҳүжжеттиң орынланыўы даўам етпекте. Қабыл етилген тарийхый ҳүжжетлер тийкарында, халқымызға, соның ишинде жасларымызға бир қатар қолайлы шараятлар жаратылғаны, исбилерменлеримизге бурын болмаған кѳплеген жеңиллик ҳәм имканиятлар берилгени,  халықтың аўыры жеңил, узағы жақын болғанлығы, пуқараларды қыйнап киятырған машқалаларға унамлы шешим тапқанлығы мәмлекетимиз басшысының халқымызға болған айрықша итибары ҳәм меҳириниң көриниси есапланады.

Соны да айрықша айтыў керек, өткерилген ушырасыўда барлық ийгиликли ислер, турмыслық реформалар, әҳмийетли басламалар анық мысаллар менен көрсетип берилди.

Буннан соң, қатнасыўшылардың усыныс ҳәм пикирлери тыңланып, алдағы әмелге асырылыўы тийис ўазыйпалар белгилеп алынды.




Ушырасыў даўамында бүгинги күнде елимиздиң раўажланыўы жолында мүнәсип үлес қосып атырған бир топар депутатлар ҳәм жылдың ең белсенди Халық депутатлары жергиликли Кеңеслери мүнәсип хошаметленди.

                                                                         Қарақалпақстан хабар агентлиги