Қарақалпақстан Республикасын социаллық-экономикалық раўажландырыў бойынша тийкарғы ўазыйпалар белгиленди

3

Президент Шавкат Мирзиёев 20-февраль күни АҚШтың Вашингтон қаласына әмелий сапарынан соң Ташкентке қайтып келип, Қарақалпақстан Республикасында әмелге асырылып атырған реформалардың нәтийжелилиги ҳәм социаллық-экономикалық раўажланыўдың тийкарғы ўазыйпалары бойынша мәжилис өткерди.

Қарақалпақстан өзиниң үлкен майданы ҳәм қазылма байлықлар резерви менен үлкен экономикалық ҳәм инвестициялық потенциалға ийе. Атап айтқанда, 270 миллион тонна цемент, 256 миллион куб метр қурылыс ҳәм пардозлаў таслары, 200 миллион тонна ҳәк, 31 миллион куб метр керамзит, 30 миллион куб метр қурылыс қумлары, 27 миллион куб метр гербиш шийки заты, 6,9 миллион тонна шийше, 6,5 миллион тонна гипс, 4,3 миллион тонна вермикулит резервлери анықланған.

Соның менен бирге, қала ҳәм районлар, аўыллар арасындағы аралық узақлығы ҳәр бир аймақтың салыстырмалы үстинлигинен үнемли пайдаланып, анық есап-санақ пенен ислеўди талап етеди. Улыўма, қай жерде саламат орталық, қолайлы шараят, әдил ҳәм ашық-айдын система болса, исбилермен сол жерде жумыс ислеўди қәлейди, инвестор да әне усындай аймаққа қаржы киргизеди.

Презентацияда соңғы жыллары Қарақалпақстан экономикасында сезилерли өзгерислерге ерисилгени атап өтилди. Соның ишинде, 8 жыл алдын аймақ экономикасы халықтың жан басына көлеми бойынша ең ақырғы орында болған болса, бүгин 7-орынға көтерилди. Санаат өниминиң тек ғана 4 проценти экспортқа шыққан болса, ҳәзир бул көрсеткиш 30 процентке жетти. Улыўма экспорт 2016-жылға салыстырғанда 3,5 есеге артып, 2,1 миллиард долларды қурады.

Келеси 5 жылда аймақ экономикасын 102,5 триллион сумға (2025-жылы 54,3 триллион сум болған), халықтың жан басына болса 51 миллион сумға жеткериў, санаат ҳәм хызметлер тараўында 7,2 миллиард долларлық жойбарларды әмелге асырыў режелестирилген.

Барлық имканиятларды иске қосып, санаат, хызметлер ҳәм туризм экспортын 900 миллион долларға жеткериў әҳмийетли екенлиги атап өтилди (2025-жылы 435 миллион доллар болған).

Усы жылдың ақырына шекем жумыссызлық дәрежесин 4,2 процентке, кәмбағаллықты 3,2 процентке шекем азайтыў, Нөкис қаласы, Қоңырат ҳәм Шымбай районларын ҳәмде 109 мәҳәллени жумыссызлық ҳәм кәмбағаллықтан жырақ аймаққа айландырыў мақсет етилген. Қосымша түрде “аўыр” категориядағы Бозатаў, Қанлыкөл, Мойнақ ҳәм Шоманай районларын ҳәмде 90 мәҳәлледе кәмбағаллықты 2 есеге қысқартыў ўазыйпасы қойылды.

Презентацияда инвестицияларды тартыў ҳәм исбилерменликти раўажландырыў мақсетинде аймаққа бурын берилген жеңилликлер мүддетин созыў усынысы билдирилди. Президентимиз бул усынысты қоллап-қуўатлады.

Қарақалпақстанға тиккелей сырт ел инвестицияларының көлемин 2,5 есеге арттырыў (2025-жылы 2,5 миллиард доллар болған) мақсет етилгени атап өтилди.

Аймақ ушын ислеп шығылған ири инвестициялық жойбарлар ҳаққында мағлыўмат берилди.

Жасалма интеллект тараўы ушын Тақыятас районында модулли интеллектуаллық есаплаў орайын шөлкемлестириў, Нөкис қаласында автомобиль санааты ушын комплектлеўши бөлеклер ислеп шығарыўға қәнигелескен технологиялық кластерди қурыў, базальт талшығын ислеп шығарыўды жолға қойыў, шығындыларды күйдириў арқалы электр энергиясын ислеп шығарыў, Қараөзек районында көмирден алтын ажыратып алыў фабрикасы, Тахтакөпир районында пахта тазалаў ҳәм ийириў фабрикасы, Шымбай районында ийирилген жип ислеп шығарыўды шөлкемлестириў жойбарлары усылардың қатарына киреди.

Аўыл хожалығы бойынша Қарақалпақстанда жер ресурсынан пайдаланыў дәрежеси аймақтың имканиятларына сәйкес емес екенлиги көрсетип өтилди. Бар майданлардың тек ғана 2,5 процентине егин егилип атырғаны, қалған 16 миллион гектар дерлик пайдаланылмай атырғаны атап өтилди. Климатқа сай жаңа егин түрлерин таўып, оларды жетистириў бойынша илимий-әмелий тәжирийбелерди жолға қойыў, суўсызлыққа ҳәм шорға шыдамлы, соның ишинде, фармацевтика санааты ушын дәрилик шөплерди үлкен майданларда жетистирип, экспортты көбейтиў ўазыйпалары белгиленди.

Жайлаўлардан нәтийжели пайдаланыў ҳәм шарўашылықты раўажландырыў бойынша Министрлер Кеңеси Баслығының айрықша орынбасары лаўазымын киргизиў усыныс етилди. Усы жылы 10 мың гектар жайлаўды тиклеў, өсимликлерди жасалма интеллект тийкарында мониторинг етиў, кеселликлерди ерте анықлаў ҳәм суўды үнемлейтуғын технологияларды енгизиў ўазыйпалары қойылды.

Усы жылы Қоңырат, Шымбай, Беруний, Бозатаў ҳәм Қанлыкөлде шарўа азықлық өнимлерин жетистириў, сақлаў ҳәм қадақлаў жойбарлары, Беруний районында жылына 36 мың тонна шарўа ҳәм балық азықлық өнимлерин ислеп шығаратуғын заманагөй агрокомплекс иске қосылады.

Туризмди аймақтың тийкарғы драйверлеринен бирине айландырыў зәрүр екенлиги атап өтилди.

“Барса келмес” дуз кәни аймағында туризм-рекреациялық зона, Аралбойы ҳәм Үстирт платосында Марс планетасы көринисин еслететуғын ноқатларда глэмпинг зоналары шөлкемлестириледи. Арал теңизи қурыўының ақыбетлерин пүткил дүньяға көрсетиў ушын Арал теңизи тарийхы музейи заманагөй технологиялар тийкарында модернизацияланады.

Бул жумыслардың есабынан быйылғы жылы Қарақалпақстанға 500 мың сырт ел ҳәм 3 миллион жергиликли туристлерди тартыў ўазыйпасы қойылды. Белгили туроператорларға аймақтың тартымлылығын арттырыў ушын қосымша жеңилликлер енгизиледи.

Интеллектуаллық жойбарлар ҳәм стартапларды қоллап-қуўатлаў бойынша жаңаша системаны Қарақалпақстаннан баслаў белгиленди. Жаслар социаллық-экономикалық орайында IT университети ҳәм стартаплар ушын технопарк шөлкемлестириў режелестирилген. Сондай-ақ, жасалма интеллектти раўажландырыўға 5 миллиард доллар сырт ел инвестициялары тартылып, мағлыўматларды қайта ислеў, “бултлы” мағлыўматлар ҳәм есаплаў орайларының имканиятларынан пайдаланыў дәрежеси 10 есеге арттырылыўы нәзерде тутылған. Қарақалпақстанда 1 миллион долларлық 10 стартап жойбарын баслаў, бул мақсетлерге Илим ҳәм инновациялар қорынан ҳәр жылы 30 миллиард сумнан ажыратып барыў тапсырылды.

2027-жылдың ақырына шекем Қоңыратта халықаралық стандартларға жуўап беретуғын “қурғақ порт” статусына ийе Арал логистика орайын шөлкемлестириў ўазыйпасы қойылды.

Усы жылы Қарақалпақстандағы инфраструктуралық жойбарлар ушын 150 миллиард сум, келеси жыллары орайласқан ишимлик суў тәмийнатын жақсылаўға 2,2 триллион сум қаратылатуғыны, ишимлик суўы ҳәм канализация тармақлары, суў бөлистириў ҳәм тазалаў имаратлары және жол қурылысы жойбарларына 200 миллион доллар тартылатуғыны белгиленди.

Мәжилис жуўмағында Президент Шавкат Мирзиёев Қарақалпақстанда белгиленген шеклерге ерисиў ушын барлық имканиятлар менен ресурсларды толық иске қосыў, ҳәр бир район ҳәм мәҳәлледе анық есап-санақ және мәнзилли қатнас тийкарында жумыс шөлкемлестирип, халықтың турмыс сапасын жақсылаўға қаратылған илажлардың әмелий нәтийжесин тезирек тәмийинлеў бойынша жуўапкерлерге тийисли тапсырмалар берди.

ӨзА