Татыў шаңарақ – жәмийет раўажланыўының тийкары

Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлигинде Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2026-жыл 5-январьдағы «Республика мәҳәллеринде қәўипсиз орталық жаратыў бағдарында бирден-бир мәнзилли ислеў системасын енгизиўге қаратылған қосымша илажлар ҳаққында»ғы ПҚ-1-санлы қарарының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде ушырасыў өткерилди.
Илажда Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министри Э.Турсунов, Республика Министрлер Кеңесиниң секретариаты баслығы Б.Айтымбетова, Қарақалпақстан Республикасы суды судьясы М.Даўменова, Қарақалпақстан Республикасы Прокуратурасы бөлим прокуроры Л.Сейтова, Ишки ислер министрлигиниң ҳаял-қызлар ҳәм жаслар менен ислесиў бөлиминиң баслығы Х.Реймқулова ҳәм Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитетиниң жуўапкер хызметкерлери тәрепинен даўлы шаңарақларды жарастырыў, ажырасыўлардың, жақын туўысқанлар арасындағы неке ҳәм ерте некениң алдын алыў мәселелери бойынша мағлыўматлар берилди.

Сондай-ақ, өткерилген илаж даўамында пуқаралар ушын көшпели қабыллаў өткерилип, онда пуқаралардың түрли ҳуқықый мәселелери бойынша мүрәжатлары тыңланды ҳәм оларға тийисли ҳуқықый түсиниклер берилди. Ал, айырым машқалалардың шешими бойынша әмелдеги нызамшылық тийкарында орнында илажлар көрилди.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы