Келешек ийелери билимлер беллесиўинде

Нөкис қаласында жаслардың дүньяға деген көзқарасын еле де кеңейтиў, руўхый-ағартыўшылық билимлерин беккемлеў ҳәм еркин пикирлеў көнликпелерин раўажландырыў мақсетинде, республикамызда жайласқан жоқары оқыў орынлары студентлери арасында «Мағрифат майданы» таңлаўы болып өтти.
Таңлаў даўамында студентлердиң китапқумарлық мәденияты, тарийх ҳәм әдебиятқа байланыслы билимлери, аналитикалық пикирлеўи ҳәм жәмәәтлик бирге ислесиў қәбилетлери сынақтан өткерилди.
Оғада қызықлы өткен таңлаў жуўмағында, Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты командасы биринши орынды жеңип алыўға миясар болды.
Ал, сыйлы екинши орынды Қарақалпақстан Медицина институты ҳәм Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң студентлери ийелеген болса, Самарқанд мәмлекетлик ветеринария медицинасы, шарўашылық ҳәм биотехнологиялар университети Нөкис филиалы жасларына үшинши орын несип етти.

Өткерилген бул таңлаў руўхый дүньясы бай ҳәм терең билимге ийе жаслар жәмийетмиз раўажланыўының тийкары екенлигин және бир мәрте көрсетти.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы