БМШтың ўақытша шара көриўге байланыслы мүрәжатлары қалай көрип шығылады?

“Инсан ҳуқықлары бойынша Өзбекстан Республикасының Миллий стратегиясын тастыйықлаў ҳаққында”ғы пәрманға жаңа пәрман менен өзгерислер киргизилди.
Пәрманның 3-қосымшасына киргизилген өзгерислерге бола, БМШтың ўақтынша илажлар ҳаққындағы мүрәжатларын көрип шығыў тәртиби белгиленди.
Оған бола, БМШтың шәртнамалық комитетлери тәрепинен жиберилген ўақытша илажлар ҳаққындағы мүрәжат Сыртқы ислер министрлиги арқалы келип түскеннен соң бир күн мүддетте Инсан ҳуқықлары бойынша Өзбекстан Республикасы Миллий орайы ҳәм Әдиллик министрлигине жибериледи.
Орай бир күн мүддетте жуўапкер мәмлекетлик уйымларға сораў жиберип, олардан ўақытша илажларды әмелге асырыў бойынша оператив илажлар көриў ҳәм зәрүрлик пайда болғанда, тийкарланған түсиник бериўди сорайды.
Мәмлекетлик уйымлар үш күн мүддетте әмелге асырылған илажлар ямаса әмелге асырылыўы режелестирилген илажлар бойынша түсиникти орайға усынады.
Орай жумысшы топар менен биргеликте топланған мағлыўматлар тийкарында үш күн мүддетте Ҳүкиметтиң рәсмий көзқарасын қәлиплестиреди ҳәм Сыртқы ислер министрлигине жибереди.
Ҳүкиметтиң рәсмий көзқарасы Сыртқы ислер министрлиги тәрепинен еки күн мүддетте БМШтың шәртнамалық комитетлерине жибериледи.
Н.Абдураимова, ӨзА