Районда 20 ҳаял-қызлардың бәнтлиги тәмийинленбекте

25

Кегейли районы прокуроры И.Абдуллаевтың басламасы менен жумыссыз пуқаралардың бәнтлигин тәмийинлеў мақсетинде, Гүжим терек мәкан пуқаралар жыйыны аймағынан қусшылық бағдары бойынша кооперация шөлкемлестирилип, усы аймақта жасаўшы райондағы кәмбағал шаңарақлар реестринде турған 20 жумыссыз ҳаял-қыз кооперация ағзасы қурамына киргизилди.

Соңынан, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң “Кәмбағаллықты қысқартыў мәмлекетлик мақсетли қорының жумысын шөлкемлестириў илажлары ҳаққында”ғы 158-санлы қарары тийкарында ажыратылған 83 млн. сумлық субсидия қаржылары есабынан усы ҳаял-қызлардың ҳәр бирине биреўден инкубатор, 100 мәйек ҳәм басқа да керекли әсбап-үскенелер ҳәм 200 бас таўық жеткерип берилип, олардың жумыс пенен бәнтлиги тәмийинленди.

– Мине бүгин бизлерге субсиядия тийкарында заманагөй инкубатор, 10 бас таўық ҳәм 100 мәйек берилмекте, – дейди кооперация ағзасы Гүлзар Темирханова. – Буның ушын елимиз Президенти ҳәм район прокуратурасына үлкен рахмет айтаман. Алдағы ўақытлары өзлеримизге берилген бул имканияттан нәтийжели пайдаланып, шаңарағымызға дәрамат табыў ушын ҳәрекет етемиз.

Райондағы жуўапкер шөлкем басшыларының атап өтиўинше, алдағы ўақытлары да бундай кооперациялар районның басқа аймақларында да шөлкемлестирип, кәмбағал шаңарақлардың бәнтлигин тәмийинлеўге қаратылған илажлар даўам еттириледи.

Қарақалпақстан хабар агентлиги