Нөкис – Атыраў жөнелиси бойынша авиақатнаўлар жолға қойылады
11

Усы жылдың 29-март сәнесинен «Centrum Air» авиакомпаниясы тәрепинен «Нөкис – Атыраў – Нөкис» жөнелиси бойынша турақлы авиақатнаўлар жолға қойылады.
Пәрўазлар ҳәптесине еки мәрте – пийшемби ҳәм екшемби күнлери әмелге асырылады.
Ушыў ўақыты 2 саат.
Бул бағдар Өзбекстан ҳәм Қазақстан арасындағы транспорт байланысларын беккемлеў, экономикалық ҳәм мәдений бирге ислесиўди раўажландырыўға хызмет етеди.
Авиабилетлерди рәсмий веб-сайт ҳәм авиакассалар арқалы сатып алыў мүмкин.
Қарақалпақстан хабар агентлиги