Өзбекстан ҳәм БАӘ: ҳуқықты қорғаў тараўында стратегиялық бирге ислесиў беккемленеди

31

Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлиги делегациясы Бирлескен Араб Әмирликлери (БАӘ) полиция структурасы менен әмелий бирге ислесиўди раўажландырыў мақсетинде усы мәмлекетте болды.

Өзбекстан ишки ислер министри генерал-лейтенант Азиз Тошпўлатовтың БАӘ Бас министриниң орынбасары – Ишки ислер министри Шайх Сайф бин Зоид Ол Наҳаян менен еки тәреплеме ушырасыўында жәмийетлик қәўипсизликти тәмийинлеў, трансмиллий жынаятшылық, терроризм ҳәм экстремизмге қарсы гүресиў, кибержынаятшылықтың алдын алыў, санлы технологияларды ҳуқықты қорғаў әмелиятына кеңнен енгизиў ҳәм кадрлар таярлаў бағдарларындағы бирге ислесиў мәселелери додаланды.

Делегация БАӘ Ишки ислер министрлигиниң бир қатар структураларының жумысы менен тиккелей танысты. Соның ишинде, Инновациялар орайында қәўипсизликти тәмийинлеўде жасалма интеллект, санлы таллаў ҳәм интеллектуаллық бақлаў системаларынан пайдаланыў әмелияты көрсетилди.

Орайлық операциялар бас басқармасының Орайлық әмелият ҳәм басқарыў орайында жәмийетлик қәўипсизликти тәмийинлеў, айрықша жағдайларға оператив жуўап бериў, бирден-бир диспетчерлик ҳәм видеобақлаў системаларының ислеў процеси менен танысты.

Абаданлық басқармасы жумысы мысалында хызметкерлерди социаллық қоллап-қуўатлаў, психологиялық турақлылықты тәмийинлеў ҳәм нәтийжели корпоратив орталық жаратыўға қаратылған системалы қатнаслар үйренилди.

Дубай полициясы Бас сәркардасы Абдулла Халифа Ал Марри менен ушырасыўда жынаятлардың ерте алдын алыў, профилактика жумысларын санлы платформалар арқалы шөлкемлестириў, жәмийетшилик пенен ашық пикирлесиўди жолға қойыў ҳәм “ақыллы қала” концепциясы шеңберинде қәўипсизликти тәмийинлеў мәселелери додаланды.

Дубай полициясының авиация басқармасының жумысы менен жақыннан танысты. Онда жәмийетлик илажлар дәўиринде ҳаўадан мониторинг алып барыў, излеў-қутқарыў илажларын әмелге асырыў, жол ҳәрекети қәўипсизлигин қадағалаў ҳәм арнаўлы операцияларды муўапықластырыў имканиятлары көрсетилди.

Мәлимлеме технологиялары басқармасында киберқәўипсизликти тәмийинлеў, мағлыўматлар базаларын қорғаў ҳәм санлы инфраструктураны раўажландырыў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар бойынша презентация өткерилди.

Дубай полициясының Жынаятларды тергеў департаменти, Криминалистика ҳәм криминология бас департаменти, Жынаятларды мониторинг ҳәм қадағалаў басқармасы және Туризм полициясы басқармасының жумысы менен танысты.

Дослық ҳәм конструктивлик руўхта өткен бул сапар етиў Өзбекстан ҳәм БАӘниң ҳуқық қорғаў уйымлары арасындағы бирге ислесиўди беккемлеў ҳәм қәўипсизликти тәмийинлеў бағдарындағы биргеликтеги ҳәрекетлерди жаңа басқышқа алып шығыўға хызмет етеди.

Н.Абдураимова,

ӨзА