Тергеўдиң сапасы – әдиллик тийкары

33

Жынаят ислери бойынша Бозатаў районы судының тергеў судьясы К.Қыпшақбаев басшылығында район прокуратурасы, ишки ислер бөлими ҳәм тийисли тараў ўәкиллериниң қатнасыўында әмелий семинар шөлкемлестирилди.

Семинарды өткериўден тийкарғы мақсет жынаят ислери бойынша тергеў ҳәм сорастырыўдың сапасын еле де нәтийжелилигин арттырыў, тергеў, сорастырыў ҳәм суд процесслеринде әмелдеги Конституция ҳәм нызамшылық нормаларын дурыс ҳәм анық қолланыў мәселелерин додалаўдан ибарат болды. Сондай-ақ, ҳәкимшилик ҳуқықбузарлық ҳаққындағы баяннамаларды рәсмийлестириў ҳәм оны жибериў тәртиби, ис материалларын қайтарыў тийкарлары, ҳәкимшилик жаза қолланыў мүддетлери ҳәм адамлардың ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин исенимли қорғаў мәселелери бойынша ҳәр тәреплеме түсиниклер берилди.

Илаж даўамында әмелиятта ушырасып атырған айырым машқалалы тәреплер ҳәм процессуал кемшиликлер де талланып, олардың алдын алыў, ҳуқықты қолланыўда бирден-бир қатнасты қәлиплестириў бойынша анық усыныслар билдирилди.

Усылар менен бир қатарда нызам ҳүжжетлерине киргизилип атырған өзгерислер менен қосымшалардың әҳмийети тараў хызметкерлери итибарынан шетте қалмады.

Семинар жуўмағында әмелиятқа байланыслы сораўларға қәнигелер тәрепинен тийисли жуўаплар берилди. Илажда атап өтилгениндей, бундай әмелий илажлар ҳуқық қорғаў уйымлары арасындағы өз-ара бирге ислесиўди буннан былай да күшейтиў, ҳәкимшилик ҳәм жынайый ислерди көрип шығыўда нызам үстинлигин тәмийинлеўге хызмет етеди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги