Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң тынышлық кеңесиниң биринши саммитиндеги шығып сөйлеген сөзи

Ҳүрметли Уллы Мәртебели Мырза Дональд Трамп!
Ҳүрметли саммит қатнасыўшылары!
Бәринен бурын, Америка Қурама Штатлары Президенти Уллы Мәртебели Мырза Дональд Трампқа Тынышлық Кеңесиниң инаугурация мәжилисин шөлкемлестиргени ушын шын жүректен миннетдаршылық билдиремен.
Бүгинги саммит бул Президент Трамптың сиясий ерк-ықрары ҳәм прагматизминиң нәтийжеси екенлигине гүман жоқ.
Өзбекстан Тынышлық кеңесин дүзиў бойынша тынышлықты сүйиўши басламаны қоллап-қуўатлады ҳәм оның табыслы әмелге асырылыўы жолында өзиниң әмелий қатнасын исенимли билдирди.
Кеңестиң жумысы Газа регионын экономикалық ҳәм социаллық қайта тиклеў ушын қолайлы шараят жаратыўға имканият беретуғынына исенемен.
Соның менен бирге, Газаның ҳәр қандай сыртқы басқарыў механизми сектор халқының сөзсиз ишки қоллап-қуўатлаўына сүйениўи керек.
Барлық тәреплердиң муўапықластырылған ҳәрекетлери Газаны тез ўақыт ишинде қайта тиклеў ушын зәрүр шараятларды жаратыўға, келиспеўшиликтен кейинги процесслерди турақластырыўға хызмет етеди.
Өзбекстан бул аймақта турақ жайлар, балалар бақшалары, мектеп ҳәм емлеўханалар қурыўға илажы болғанынша үлес қосыўға таяр екенин атап өтемен.
Ҳүрметли дослар!
Бул саммит Дональд Трамп атындағы Тынышлық институтында өткерилип атырғанында рәмзий мәнис жәмленген.
Бизиң ушырасыўымыз халықаралық тилеклеслик, тынышлықты сүйиўшилик ҳәм Жақын Шығыстағы жағдайды жақсылаўға болған улыўма умтылысымыздың айқын көриниси болып табылады.
Биз Жаңа Газаны – экономикасы абадан, халқы ушын мүнәсип турмыс шараятларына ийе болған регионды қурыў ушын бул тарийхый имканияттан пайдаланыўымыз зәрүр.
Итибарыңыз ушын рахмет.