Өзбекстан Президенти тынышлық кеӊесиниӊ биринши саммитинде қатнасты

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Америка Қурама Штатлары Президенти Дональд Трамптың мирәт етиўине бола 17-19-февраль күнлери Тынышлық кеңесиниң дәслепки мәжилисинде қатнасыў ушын әмелий сапар менен Вашингтон қаласында болды.
Мәмлекетимиз басшысы 19-февраль күни Вашингтон қаласында Тынышлық кеңесиниң дәслепки мәжилисинде қатнасты.
АҚШ Президенти Дональд Трамптың басшылығында өткерилген илажда Әзербайжан, Қазақстан, Бахрейн, Индонезия, Аргентина, Парагвай, Руминия, Египет, Қатар, Пакистан, Венгрия, Албания, Армения, Вьетнам, Камбоджа, БАӘ, Түркия, Кувейт, Саудия Арабстаны, Израиль, Марокко ҳәм басқа да мәмлекетлер делегацияларының басшылары да қатнасты.
Газа секторын қайта тиклеў ҳәм гуманитарлық жәрдем көрсетиў, сондай-ақ, регионда тынышлық ҳәм турақлылықты тәмийинлеў мәселелери додаланды.
Мәмлекетимиз басшысы өзиниң шығып сөйлеген сөзинде дәслепки саммитти шақырғаны ушын Америка Қурама Штатлары Президенти, Тынышлық кеңесиниң баслығы Дональд Трампқа миннетдаршылық билдирди.
Өзбекстан Тынышлық кеңесин дүзиў бойынша тынышлықты сүйиўши басламаны қоллап-қуўатлағаны ҳәм оны табыслы әмелге асырыўда әмелий қатнасатуғынын исенимли тастыйықлағаны атап өтилди.
– Кеңестиң жумысы Газа регионын экономикалық ҳәм социаллық қайта тиклеў ушын қолайлы шараят жаратыўға имканият беретуғынына исенемен, – деди Шавкат Мирзиёев.
Газаның ҳәр қандай сыртқы басқарыў механизми сектор халқының сөзсиз ишки қоллап-қуўатлаўына сүйениўи керек екенлиги атап өтилди.
Барлық тәреплердиң муўапықластырылған ҳәрекетлери Газаны тез пурсатта қайта тиклеў ушын зәрүр шараятларды жаратыўға, келиспеўшиликтен кейинги процесслерди турақластырыўға хызмет ететуғынына исеним билдирилди.
Мәмлекетимиз басшысы Өзбекстан бул аймақта турақ жайлар, балалар бақшалары, мектеп ҳәм емлеўханалар қурыўға имканияты болғанынша үлес қосыўға таяр екенин атап өтти.
– Бизиң ушырасыўымыз халықаралық тилеклеслик, тынышлықты сүйиўшилик ҳәм Жақын Шығыстағы жағдайды жақсылаўға болған улыўмалық умтылысымыздың айқын көриниси болып табылады. Биз Жаңа Газаны – экономикасы абадан, халқы ушын мүнәсип турмыс шараятларына ийе болған регионды қурыў ушын бул тарийхый имканияттан пайдаланыўымыз зәрүр, – деди Шавкат Мирзиёев.
Илажда басқа да сырт еллердиң мәмлекетлик, ҳүкиметлик ҳәм сыртқы сиясий уйымларының басшылары да шығып сөйледи.

Мәжилис жуўмағында Тынышлық кеңесиниң жумысын қоллап-қуўатлаў ҳаққындағы декларацияға қол қойылды.
Соның менен Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Америка Қурама Штатларына әмелий сапары жуўмақланды.
ӨзА