“Эл-юрт умиди” стипендиантлары менен ушырасыў шөлкемлестирилди

18

Жаслар ислери агентлигинде дүньяның ең абырайлы университетлеринде билим алыў имканиятын қолға киргизген ҳәм келешекте Өзбекстанның раўажланыўына үлес қосыўды мақсет еткен “Эл-юрт умиди” стипендиантлары менен ушырасыў болып өтти.

Дәслеп оларға жаслар ушын шөлкемлестирилген ири жойбарлар таныстырылды. Буннан соң агентлик директоры Алишер Саъдуллаев жасларға сырт мәмлекетлерде тек студент емес, ал Өзбекстанның мәдений елшилери сыпатында Ўатанымыз имиджин жоқарылатыў бойынша өз усынысларын берип өтти.

Ушырасыў жуўмағында стипендиатларға заманагөй пикирлеўди қәлиплестиретуғын “Венчур зеҳнияти” китабы және “Ibrat Academy” ҳәм “Мутолаа” жойбарларының премиум жазылыўлары тапсырылды.

Ашықтан-ашық сөйлесиў қызғын сораў-жуўаплар ҳәм жаңа усынысларды додалаў менен жуўмақланды.

Гулноза Бобоева, ӨзА