Нөкис районда жаңа жойбар әмелге асырылмақта

Республикамызда алып барылып атырған кең көлемли реформалар қатарында Нөкис районында жаңа жойбар әмелге асырылмақта. Атап айтқанда, районда перспективалы шөл ҳәм дәрилик өсимликлерди “ин-витро” шараятында (латынша «шийше ишинде» дегенди аңлатып өсимликти тәбийғый жерде емес, арнаўлы лабораторияда көбейтиў жолы) көбейтиў ҳәмде олардың генбанкин (бул өсимликлердиң генетикалық резервлерин сақлаў) жаратыў жолға қойылды.
Бул жойбардың тийкарғы мақсети Аралбойы аймағында сийрек ушырасатуғын ҳәм баҳалы шөл және дәрилик өсимликлерди “ин-витро” усылында көбейтиў, олардың генетикалық ресурсларын сақлаў ҳәм тиклеў, сондай-ақ, регионның экологиялық турақлылығын жақсылаў ҳәм аўыл хожалығының турақлы раўажланыўына үлес қосыў ушын олардың генбанкин жаратыўдан ибарат.



Мағлыўмат ушын: “Аралбойы халықаралық инновация орайы жанында шөлкемлестирилген өсимликлер туқымлары генбанки менен тәмийинленген лаборатория, бизнес-акселератор оқыў орайы ҳәм технопаркте перспективалы шөл ҳәм дәрилик өсимликлерди “ин-витро” шараятында көбейтиў ҳәм олардың генбанкын жаратыў” әмелий жойбары Инновациялық раўажланыў агентлиги тәрепинен жәми 3,7 млрд сум муғдарында қаржыландырылған.
Қарақалпақстан хабар агентлиги