Қытай ҳәм Орайлық Азия санлы бирге ислесиўи: Синьцзянда жаңа орай

Қытай ҳәм Орайлық Азия мәмлекетлери арасында санлы технологиялар тараўындағы бирге ислесиў избе-из кеңеймекте. Мине, усы процесстиң әҳмийетли буўыны сыпатында Синьцзянда халықаралық интеграцияласқан есаплаў орайы иске қосылды.
2025-жылдың май айында пайдаланыўға тапсырылған бул орай қысқа ўақыт ишинде 2000 петафлопс есаплаў қуўатлылығына еристи. Бул секундына үлкен көлемдеги мағлыўматларды қайта ислеў имканиятын береди. Жақын келешекте бул көрсеткишти 10000 петафлопсқа шекем арттырыў режелестирилмекте.

Қолайлы географиялық жайласыў ҳәм “жасыл” электр энергиясы ресурсларының байлығы Синьцзянға санлы инфраструктураны нәтийжели ҳәм үнемли тийкарда раўажландырыў имканиятын бермекте. Бул болса регион мәмлекетлери ушын заманагөй санлы хызметлерден кеңнен пайдаланыў шараятын жаратады.
Бул орай Қытайдың “Шығыс мағлыўматлары – батыс есаплаў” басламасында ҳәм Санлы жипек жолын раўажландырыўда әҳмийетли орын ийелейди. Ол Орайлық Азия мәмлекетлерине жасалма жолдас сүўретлерин қайта ислеў, аўыл хожалығы ҳәм минерал ресурслар бойынша мағлыўматларды таллаў, сондай-ақ, тийкарғы тармақларды қоллап-қуўатлаў хызметлерин усынбақта.

“Қытай ҳәм Орайлық Азия” бирге ислесиў форумы шеңберинде Өзбекстан, Қазақстан ҳәм Тәжикстан менен кеңислик-ўақыт интеллектуаллығы бойынша биргеликте лаборатория шөлкемлестириў ҳаққында келисимлерге қол қойылды. Бул мәмлекетлердиң ўәкиллери орайдың жоқары техникалық потенциалын жоқары баҳалап, бирге ислесиўди кеңейтиў ҳәм қәнигелер алмасыўын жолға қойыўға қызығыўшылық билдирди.
Қәнигелердиң атап өтиўинше, есаплаў орайының раўажланыўы регионның санластырылыўын жеделлестириў, технологиялық бирге ислесиўди беккемлеў ҳәм Синьцзян ҳәм Орайлық Азия мәмлекетлериниң биргеликтеги инновациялық раўажланыўы ушын жаңа имканиятлар жаратады.
Нилуфар БОЗОРОВА, ӨзАның хабаршысы