Қумар ойынларын реклама еткен блогерлер жуўапкершиликке тартылды

Бәсеки комитети тәрепинен интернет ҳәм социаллық тармақларда тарқатылып атырған рекламалардың нызамшылық талапларына муўапықлығы бойынша системалы мониторинг жумыслары алып барылмақта.
Өткерилген үйрениўлер даўамында айырым белгили блогерлер өз бетлеринде букмекерлик хызметлери ҳәм қумар ойынларын үгит-нәсиятлайтуғын видеороликлер жайластырғаны анықланды. Атап айтқанда, бир неше жүз мыңлаған жазылыўшыларға ийе болған блогерлер.
Ф.Ширинбаева ҳәм Д.Бахтиозин тәрепинен қумар ойынларын реклама етиўши материаллар тарқатылған.
Бул жағдайлар бойынша Бәсеки комитети тәрепинен белгиленген тәртипте ҳәкимшилик илажлар көрилип, тийисли ҳүжжетлер суд уйымларына жиберилди.
Атап өтилиўинше, Өзбекстан Республикасының “Реклама ҳаққында”ғы нызамына муўапық, мәмлекет аймағында қумар ойынлары ҳәм тәўекелшиликке тийкарланған басқа да ойынларды реклама етиў қатаң қадаған етиледи. Бул талапларды бузыў нызам алдында жуўапкершиликке себеп болады. Сонлықтан, Бәсеки комитети блогерлер ҳәм реклама тарқатыўшы шахсларды әмелдеги нызамшылық талапларына қатаң әмел етиўге шақырмақта.
Нигора Раҳмонова, ЎзА