Жаслардың мүрәжат ҳәм усыныслары тыңланды

16

Қарақалпақстан Республикасы прокуроры Ш.Аминов Қоңырат районында болып, жаслар менен ушырасты.

Тиккелей сөйлесиў түринде өткерилген бул ушырасыўда прокуратура уйымларына бириктирилген жаслар ҳәм олардың шаңарақ ағзалары менен сәўбетлесип, дәслеп елимиздеги халықшыл реформалар ҳәм олардың турмыслық көриниси, жаслар ушын жаратылған имканиятлар ҳәм жеңилликлер ҳаққында толық түсиниклер берилди.

Жаслардың санасында Ўатанға садықлық, келешекке болған исеним, оларда күшли руўхый иммунитетти қәлиплестириў, адасқанларды дурыс жолға қайтарыў, жаўызлыққа қарсы ағартыўшылық пенен гүресиў, жаслар арасында жүз берип атырған жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлықлардың ақыбетлери бойынша пикир алысылды, олардың мүрәжат ҳәм усыныслары тыңланды.

Буннан соң районның “Темир жол” МПЖда “Жасыл дәраматлы мәҳәлле,” “Энергия үнемлеўши абат мәҳәлле” бағдарламалары бойынша энергия дереклерин енгизиў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар бойынша жуўапкерлердиң презентациясы менен танысты.

Қарақалпақстан хабар агентлиги