Дүнья хабарларына қысқаша шолыў

15

Еврокомиссия кадрларды таңлап алмақшы

Европа Аўқамының Кадрларды таңлаў бюросы (EPSO) жети жыллық тәнепистен кейин “AD5” таңлаўын қайта баслады. Бул Европа комиссиясында турақлы лаўазымлы болыў ушын тийкарғы “кириў жолы” есапланады. Басланғыш мийнет ҳақы айына 6 758 евроға шекем жетеди ҳәм жумыс узақ мүддетли турақлылықты тәмийинлейди. 1 490 резерв орынлары ушын 50-60 мың талабан ҳүжжет тапсырыўы күтилмекте.

Табысқа ерисиў болса аңсат емес, талабанлар логикалық пикирлеў, ЕА ҳаққында билим, санлы көнликпелер ҳәм сиясат бойынша жазба имтиханлардан өтиўи керек. Нәтийжеде шама менен 750 әўметли адам ғана турақлы лаўазымға ийе болады. Брюссель бул арқалы пенсияға жақынласқан кадрлардың орнын жаңа, санлы билимли әўлад пенен толтырыўды мақсет етпекте.

Канада Европа тәрепке «бет бурмақта»

Канада қаржы министри Франсуа-Филипп Шампань Брюссельде евроаймақ қаржы министрлериниң жабық мәжилисине қатнасты. Халықаралық жәмийетшиликти қызықтырған тәрепи – бул форматқа биринши мәрте канадалы рәсмий мирәт етилди.

Ушырасыўда глобаллық макроэкономикалық теңсалмақсызлықлар ҳәм геоэкономикалық қәўип-қәтерлер додаланды. Экспертлердиң пикиринше, Оттава АҚШ пенен қатнасықлары суўықласқан бир ўақытта Европа Аўқамы менен бирге ислесиўди тереңлестириўге умтылмақта.

Тәреплер халықаралық саўда ҳәм финанс системасында евроның ролин күшейтиў мәселесин де көтерди. Канада басшылығы “қағыйдаларға тийкарланған тәртип әззилеп атыр” деп баҳалап, тарифлер ҳәм финанслық инфраструктураның сиясий басым қуралына айланып атырғанынан қәўетер билдирди. Додалаўлар G7 ҳәм G20 шеңберинде даўам еттирилиўи күтилмекте.

Сирия “Ал-Ҳол” лагеринде эвакуация баслады

Сирия ҳүкимети мәмлекет арқа-шығысында жайласқан “Ал-Ҳол” лагерин босатыў процесин баслады. Бурын курдлар қадағалаўында болған бул аймақ өткен айда Дамашк әскерлериниң қолына өткен. Рәсмийлерге бола, лагерьде қалған халық Алеппо ўәлаятындағы басқа орынларға көширилмекте. “Ал-Ҳол”да тийкарынан ИШИД деп гүман етилген жаўынгерлердиң туўысқанлары – ҳаял-қызлар ҳәм балалар жасап атырған, олардың улыўма саны 24 мың әтирапында екени айтылмақта.

БМШ Қашқынлар агентлиги лагер халқы кескин азайғанын тастыйықлады. Айырым сырт ел пуқаралары әллеқашан алып кетилген, бирақ инсан ҳуқықлары шөлкемлери Иракқа өткерилген мыңлаған гүманланыўшылар тәғдири бойынша қәўетер билдирмекте. Олар әдалатсыз суд ҳәм қыйнаў қәўпи бар екенлигин атап өтпекте.

Женева сөйлесиўлери: Тегеран ҳәм Вашингтон “улыўма принциплер”ге жақынласты

Иран сыртқы ислер министри Аббос Арақчи Женевада болып өткен сөйлесиўлерде АҚШ пенен ядролық тартыс бойынша тийкарғы “жол картасы принциплери” бойынша түсинисиўге ерисилгенин билдирди. Оған бола, тәреплер бир қатар идеяларды додалап, айырым мәселелер бойынша улыўма келисимге жақынласқан, бирақ бул еле толық келисим дүзилди дегени емес.

Арақчидиң баянатынан соң нефть базарында кескин реакция бақланды. Сөйлесиўлер фонында Иран қысқа мүддетке Хурмуз буғазының бир бөлегин жаўғанын мәлим етти, бул жер дүнья нефть тәмийнаты ушын стратегиялық әҳмийетке ийе аймақ есапланады. Оман дәлдалшылығында өткен сөйлесиўлер “анық кейинги қәдемлер” менен жуўмақланғаны айтылмақта, бирақ региондағы сиясий кескинлик еле толық сапластырылмаған.

Япония АҚШқа 36 млрд доллар инвестиция киргизеди

АҚШ президенти Дональд Трамп ҳәкимшилиги Япония тәрепинен 36 миллиард долларлық үш ири жойбар қаржыландырылатуғынын жәриялады. Олар арасында Охайода 33 миллиард долларлық газ электр станциясы, Техаста нефть экспорт терминалы ҳәм Жоржияда жасалма санаат алмасы ислеп шығарыў заводы бар. Бул инвестициялар күншығыс мәмлекеттиң 550 миллиард долларлық инвестициялық миннетлемеси шеңберинде әмелге асырылмақта ҳәм Трамп тарифлерди 15 процентке түсириў бойынша саўда келисимин усыған байланыстырды.

Охайодағы станция 9,2 гигаватт қуўатлылыққа ийе болып, жасалма интеллект орайлары ушын электр талабының өсимине жуўап береди. Техас жойбары АҚШ нефть экспорт қуўатлылығын арттырыўға қаратылған, Джордзиядағы алмаз заводы болса ярымөткизгиш санааты ушын әҳмийетли шийки зат ислеп шығарады. Жойбарлардың пайдасы дәслеп 50/50 бөлистирилиўи, кейин ала АҚШ пайдасы 90 процентке шекем артыўы режелестирилген.

Лионда белгили сиясатшының өлими бойынша тергеў басланды

Францияның Лион қаласында сиясатшы Квентин Деранктиң өлими бойынша тоғыз гүманланыўшы қамаққа алынды. 23 жаслы Деранк өткен ҳәптеде оңшылар демонстрациясы ўақтында кеминде алты адам тәрепинен таяқ жеп, аўыр мий жарақаты ақыбетинде қайтыс болған. Тутқынға алынғанлар арасында парламент ағзасы Рафаэл Арнониң жәрдемшиси де бар, ол дәрҳал жумыстан босатылды.

Ўақыя жергиликли сайлаўлар ҳәм 2027-жылғы президентлик “жарысы” алдынан жүз бермекте. Ҳәзирги ўақытта мәмлекеттиң тергеў уйымлары исти қастан адам өлтириў сыпатында қарамақта. Үлке Миллий ассамблеясы Деранк естелигине бир минут үнсизлик сақлады, Лионда болса еслеў маршы режелестирилген.

Ҳаўаның патасланыўы альцгеймер қәўпин арттырады

Жаңа изертлеўлерге бола, ҳаўа патасланыўына көбирек дус келген инсанларда альцгеймер кеселлиги раўажланыў қәўпи жоқары болады. АҚШтағы Эмори университети илимпазлары 2000-2018-жыллар аралығында 65 жастан өткен 27 миллионнан аслам адамның мағлыўматларын таллады. Усы дәўирде шама менен 3 миллион адамда альцгеймер кеселлиги анықланған. Изертлеў ҳаўадағы майда бөлекшелер (PM2.5) муғдары менен кеселлик арасында тиккелей байланыс бар екенлигин көрсеткен.

Илимпазлар патас ҳаўа мийге тиккелей, ал тиккелей тәсир ететуғынын атап өтпекте. Әсиресе, инсульт өткерген адамларда қәўип және де жоқары екени атап өтилген. Қәнигелер ҳаўа сапасының жақсыланыўы деменция қәўпин азайтыўға жәрдем беретуғынын атап өтип, бул машқала глобаллық дәрежеде бирге ислесиўди талап ететуғынын айтпақта.

Қарақалпақстан хабар агентлиги