Унамсыз мәлимлеме басымынан қорғаныў: саналы таңлаўға қәдем

12

Бүгинги жедел мәлимлеме әсиринде биз ҳәр күни мыңлаған хабарлар қоршаўында жасаймыз. Смартфонларымызды қолымызға алыўымыз бенен дүньяның түрли ноқатларындағы тәбийғый апатшылықлар, экономикалық кризислер, жынаятшылық ҳәм түрли апатшылықлар ҳаққындағы хабарлар лентамызды толтырып жибереди. Хош: бул хабарлар руўхыйлығымызға қандай тәсир етпекте? Ушқын шашқан санлы дәўирде ҳәр қыйлы темадағы хабарларды еситемиз, тилекке қарсы аянышлы видеоларды көрип атырғанымыз ҳақыйқат.

2025-жылғы статистикалық мағлыўматларға бола, Өзбекстанда 10 жастан үлкенлердиң 94 проценти интернеттен пайдаланады. Буннан көринип турғанындай, жас өспиримлер де еркин түрде агрессия, адам өлтириўшилик, зорлық-зомбылық ҳәм сол сыяқлы көплеген унамсыз ўақыяларды санасына қабыл етпекте. Хош, усы жерде бир сораў пайда болады? Инсан мийи ҳәм психологиясы унамсыз хабарларға қандай реакция береди? Адамлар унамсыз басым бериўши хабарларды көриўи эмоционал басым ба ямаса унамлы жаңалықлар дерлик жоқлығынан ба?

Психологияда бул – “negativity bias” (унамсызлыққа бейимлик) делинеди. Қәниге Жон Качиоппо инсан денеси унамсыз мағлыўматларға күшлирек реакция беретуғынын ҳәм жыллар даўамында инсан сезимлерин үйрениў нәтийжесинде исленген тәжирийбеде, сезимли мағлыўматларды мийдиң жумысы тез ҳәм узақ ўақыт еслеп қалатуғынын дәлиллеген. Инсаният биологиялық өзин-өзи қорғаў ушын қәўип саналған ҳәр бир белгилерге итибарлы болыўды зәрүр деп есаплағаны ушын санамыз бүгин даўрықлы информациялар қармағына илинбекте. Хош, соңғы ўақытлары унамлы жаңалықларды да жетерли дәрежеде көре алып атырмыз ба? Буны жумыс алып барып атырған бир неше рәсмий сайтлардағы хабарларды таллаўдан көрип шығамыз.

Көрип турғаныңыздай, ҳәптелик мағлыўматлар арасында үш ямаса екеўи унамлы бас бет астындағы хабарлар, бирақ ең аянышлысы, бир-биринен нусқаланған сыяқлы избе-из болып атырған жынаятлар үлкен тезликте пүткил алгоритмди ийелеп алмақта.

Унамсыз хабарлар неге инсанға тез тәсир етеди? Бунда инсан руўхыйлығы қандай аўҳалға түседи? Психологиялық жақтан бундай хабарлар дәслеп антивирус сыяқлы руўхыйлығымызды зәҳәрлей баслайды, стресс пайда етеди, күшли шаршаў, ҳәдден тыс қорқыў, әтирапымыздағыларға исенимниң азайыўы, тынышсызланыў, пикирлердиң алжасыўы, уйқысызлық ҳәм нерв талшықларының қысылыўына алып келиў итималы артып барады. Бундай руўхый басым шеңгелинде қалған ҳәр бир инсанның күнлик режелери, энергиясы өзи сезбеген ҳалда төмен дәрежеге түсип кетеди.

Қәнигелердиң пикиринше, көп жағдайларда адамлар әдет ямаса зеригиў себепли унамсыз хабарларды көбирек қабыл етеди. Бирақ аўыр кейпиятта ямаса руўхый қыйналып атырған адам өз жанына қастыянлық етиў ямаса адам өлтириў ҳаққындағы контентти қабыл еткенде тек ғана өзине емес, ал басқаларға да зыян жеткермеўине ҳеш ким кепиллик бере алмайды. Аудиторияның үлкен бөлеги жаңалықлардың көпшилик бөлегин тийкарынан социаллық тармақлар арқалы бақлайды. Бүгин биз қәўипли кеселлик сыяқлы тарқалып атырған унамсыз мәлимлемелерди тоқтатыўымыз әмелге аспайтуғын жағдай, бирақ оған қарсы илажларды турмысымызға алып кириў усыллары ҳәм шешимлери бар, әлбетте.

– Бүгин интернет дәўири. Оның күши менен дерлик пүткил әлем бир ноқатта жәмленгендей: қәлеген инсан, қәлеген мақсет жолында байланыса алады. Социаллық тармақлар алгоритми миллет, аймақ ямаса кәсип таңламайды – ол ҳәр қандай пайдаланыўшыны өз ишине алады. Бирақ бул машқаланың шешими әпиўайы – ҳәр биримиз өзимизден баслаўымыз керек. Бәринен бурын, инсан күнине социаллық тармақлардан пайдаланыў ушын анық ўақыт шегарасын белгилеўи зәрүр. Мәселен, жаңалық оқыў ушын 20, 25 минутты бир күнге бөлиў керек, сонда инсан мийи керексиз мағлыўматлар менен толып қалмайды ҳәм руўхыйлыққа артықша басым түспейди. Алгоритмди басқарыў да әҳмийетли. Социаллық тармақлар сиз көрген нәрсени көбейтеди. Соның ушын унамсыз мағлыўматлар көп шығатуғын бетлердиң орнына пайдалы, ағартыўшылық ҳәм унамлы бетлерди таңлаў керек. Унамсыз хабарларды танысларыңызға тарқатпаң. Ҳәр бир репост ямаса үлесиў унамсызлықтың және де кең тарқалыўына себеп болады. Ҳәптеде бир күнди телефонсыз (интернетсиз) күн сыпатында шөлкемлестириң, бул инсанның пикирлерин жәмлеў менен бирге, руўхыйлығымыздың қайта тиклениўине жәрдем береди, – дейди жетекши психолог-мәсләҳәтшиси Замира Азимова.

– Унамсыз хабарды оқығанымызда ямаса жаман ўақыяны көргенимизде артықша сезимге берилместен: “Аўа, бул өмирде болыўы мүмкин”, “Қудайға шүкир, бул мениң өмиримде болмады”, “Бул ўақыя мениң өмириме тәсир ете ме?” деген сораўларды өзимизге бериўимиз керек. Егер “яқ” деп жуўап бере алсақ, әлбетте, “сана пауза”, яғный руўхый ҳәм мий артықша тәсирлениўден тоқтайды. Мағлыўмат алыў ушын тек ғана рәсмий сайтларды бақлаў керек. Социаллық тармақларда айланып атырған дереги жоқ ҳәр қандай жаман хабарға “Бул маған қызық емес” деген түймелерден пайдаланыўымыз керек. Бундай белгилерди YouTube, Facebook, инстаграм ҳәм телеграм арқалы да қолланыў мүмкин. Сонда алгоритм бул информацияны керек емес деп қабыл етеди ҳәм қайта шығармайды. Социаллық тармақ пайдаланыўшыларына 20 процент кеўилашар, 80 процент пайдалы контентти бақлаўды усыныс етемен.

Тутыныўшы өзинде бос ўақыт бар екенлигин билди ме, илажы барынша өзи сүйген шуғылланыў менен шуғылланыўы керек. Мысалы: сейил етиў, сәўбетлесиў, китап оқыў ҳәм тағы басқа. Бул арқалы инсан энергиясын дурыс жумсаған ҳәм өз саламатлығын сақлаған болады, – дейди жоқары категориялы психолог Замира Холбоева.

Жуўмақлап айтқанда, инсан қадағалаўға болмайтуғын ўақыяларды көп оқыса, өзин әззи сезе баслайды. Бундай жағдай әтирапымыздағы адамлар, әсиресе, перзентлеримизге жаман тәсир етпеўи ушын да қәнигелердиң әҳмийетли усынысына әмел етиў жоқарыдағы машқалалардың шешими болады. Бүгинги күнде унамсыз мәлимлеме ағымын толық тоқтатыў мүмкин емес ҳәм қыйын, бирақ оны қалай қабыл етиўимиз өз қолымызда.

Меҳрибону ТЎЛҚИНОВА,

ӨзАның хабаршысы