Өзбекстанның диний тараўдағы реформалары Индонезия баспасөзинде сәўлелендирилди

Индонезияның абырайлы басылымларынан бири – “Kalimantan Post” газетасында Имам Мотуридий халықаралық илимий-изертлеў орайы директорының орынбасары Шаҳзод Исломовтың Өзбекстанда диний-ағартыўшылық тараўында әмелге асырылып атырған реформалар ҳәм усы ағартыўшылық орайының жумысына бағышланған мақаласы басып шығарылды.
«Reformasi Spiritual Uzbekistan untuk Inspirasi Indonesia» (“Өзбекстанның диний тараўдағы реформалары Индонезия ушын илҳам дереги”) атамасындағы мақалада мәмлекетимизде диний тараўдағы ашық-айдынлық, кеңпейиллик ҳәм илим-ағартыўшылыққа тийкарланған жаңаланыўлар ҳәр тәреплеме талланған.
Мақалада Имам Мотуридий халықаралық илимий-изертлеў орайының ақида ҳәм калом илимин үйрениў, бай руўхый мийрасты кең жәмийетшиликке жеткериў ҳәм радикализмге қарсы ағартыўшылық тийкарда гүресиўдеги орны айрықша атап өтилген.
Сондай-ақ, Өзбекстанның кеңпейил жәмийет модели халықаралық көлемде тән алынып атырғаны ҳәм Индонезия сыяқлы мәмлекетлер ушын әҳмийетли тәжирийбе сыпатында баҳаланып атырғаны атап өтилген.
Бул мақала Жаңа Өзбекстанда жүз берип атырған жедел өзгерислерди халықаралық жәмийетшиликке, атап айтқанда, дүньядағы ең үлкен – 242 миллион мусылман халқына ийе Индонезия жәмийетине жеткериўге хызмет етеди.
Н.Усмонова, ӨзА